Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер арасында виза тәртибин либералластырыў имканияты үйренилмекте, деди структура Бас хаткери Нурлан Ермекбаев «РИА Новости»ге берге интервьюинде.
– Туризм биз ушын оғада әҳмийетли бағдар болып, ағза мәмлекетлердиң ҳүкиметлери арасында бул тараўда бирге ислесиўди раўажландырыў ҳаққындағы келисим шеңберинде турақлы жумыслар әмелге асырылмақта, – дейди жуўапкер. – Ҳәкимшилик басшыларының өткен жыл майда Алмаатада болып өткен министрлер дәрежесиндеги мәжилисинде 2024-2025-жылларға мөлшерленген биргеликтеги ҳәрекетлер режеси қабыл етилди. Бул ҳүжжет бәнтлеринен бири өз-ара виза режимин либералластырыўды нәзерде тутады. Ҳәзирше гәп барлық ағза мәмлекетлер арасында визаны бийкар етиў ҳаққында емес, ал аңсатластырыў ҳаққында бармақта. Визасыз тәртип, әдетте еки тәреплеме тийкарда келисиледи. Бир неше мәмлекет арасында визасыз саяхат бойынша келисим әллеқашан бар. Айырымлары жақында күшке кирген яки режелестирилмекте.
Мысалы, 2025-жыл 1-апрельден баслап Россия ҳәм Ҳиндстан ҳүкиметлераралық келисим күшке киреди. Енди еки мәмлекет туристлик топарлары өз-ара визасыз сапар шөлкемлестириўи мүмкин. 2024-жылы Иран 28, соның ишинде ШБШға ағза бир неше мәмлекет пуқаралары ушын виза алыў миннетлемесин бийкар етти.
Сондай-ақ, Бас хаткердиң айтыўынша, Қытай ҳәм Қазақстан да визасыз туризм бойынша келисимге ерискен. Жақында Қазақстан ҳәм Макао арнаўлы ҳәкимшилик аймағы арасында келисим күшке кирди, Қытай ҳәм Өзбекстан, Қытай ҳәм Беларусь арасында да визасыз режим орнатылды.
2001-жылы шөлкемлестирилген халықаралық шөлкем – ШБШ қурамында Өзбекстан, Ҳиндстан, Иран, Қазақстан, Қытай, Қырғызстан, Россия, Беларусь, Тәжикстан ҳәм Пакистан толық жумыс алып барады. Аўғанстан ҳәм Монголия бақлаўшы, Әзербайжан, Армения, Бахрейн, Камбоджа, Египет, Кувейт, Мальдив атаўлары, Мьянма, Непал, Қатар, Саудия Арабстаны, БАӘ, Түркия ҳәм Шри-Ланка болса бирге ислесиўши мәмлекет статусына ийе.
С.Раҳимов, ӨзА