Хошхабар

Усы жылы Германияда «Cotton-Textile Cluster — loсomotive of the economic development» («Пахта – тоқымашылық  кластери – экономикалық  раўажланыў локомотиви») китабы инглис тилинде басып шығарылған.

Бул шығарма Өзбекстан пахта-тоқымашылық кластерлери ассоциациясы баслығы, республикада хызмет көрсеткен экономист, экономика илимлериниң докторы, сенатор Муртазо Раҳматов ҳәм академик, биология илимлериниң докторы, профессор Бакридин Зариповтың басшылығындағы авторлар топарының дөретиўшилик жемиси болып есапланады.

Онда мәмлекетимизде соңғы бес жылда әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар, аўыл хожалығын модернизациялаў бағдарындағы жаңаланыўлар ҳаққында толық айтып бериледи. Китапта атап өтилгениндей, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң тиккелей идеясы  тийкарында әмелиятқа кластер системасы енгизилип, аўыл хожалығында өним жетистириў ҳәм терең қайта ислеўдиң «шынжырлы усылы» жаратылды. Бул болса өткен оғада қысқа ўақыт  ишинде тараўды раўажланыўға жетелеўши «драйвер»ге айланды. Әсиресе, кластерлер тәрепинен әмелиятқа  енгизилип атырған жаңа идеялар, инновация ҳәм ноу-хаулар аграр секторды санаатластырыў, аўыл мийнеткешлериниң турмыс дәрежесин жоқарылатыўға хызмет етпекте.

Елимиз агросанаат тараўындағы бундай сапа өзгерислери пахта-тоқымашылық кластерлериниң жумысы мысалында тек ғана текстте емес, ал сүўретлер, инфографикалар, диаграммалардың жәрдеминде кеңнен ашып берилген. Бул болса Өзбекстанның кластер системасына жәҳән жәмийетшилигиниң қызығыўшылығын және де арттырмақта. Бул китап жәҳәнниң 80 нен аслам мәмлкетлеринде сатылғаны буның айқын дәлили болып есапланады.

Күни кеше усы шығарманы басып шығарған «LAMBERT Academic Publishing» халықаралық илимий басылымынан хошхабар келди. Онда атап өтилиўинше, «Cotton-Textile Cluster — loсomotive of the economic development» китабы немис, испан, француз, итальян, португал, рус тиллерине де аўдарылып, қайта басып шығарылды. Нәтийжеде усы экономикалық шығарманы Латын Америкасы, Европа, Россия ҳәм басқа бир қанша  мәмлекетлердиң халқы  өз ана тилинде оқыўға муўапық болды.

– Биз ушын бул күтилмеген жаңалық, Жаңа Өзбекстанның халқына өзине сай Жаңа жыл байрамы саўғасы  болды, – дейди китап авторы профессор Муртазо Раҳматов. – Қуўанышлы тәрепи сонда, усы шығарма арқалы дүнья жәмийетшилиги Президент Шавкат Мирзиёевтиң елди абадан, халықты бай етиўдей жақсы мақсетке қаратылған кластер идеясы мазмун-мәнисинен жақыннан хабардар болмақта. Өзбекстанның айрықша тәжирийбеси менен танысып, Жаңа Өзбекстан ҳәм бул жердеги қолайлы бизнес орталығы, инвесторларға жаратып берилген имканиятлар ҳаққында исенимин пайда етпекте. Cotton-Textile Cluster — loсomotive of the economic development китабы сырт ел исбилерменлери, инвесторлар, экспертлер, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес сектор ўәкиллери ушын мәмлекетимиздеги өзгерислерге байланыслы зәрүр мағлыўматларды алыўларында  әҳмийетли  дәрекке айланбақта. Бул, өз гезегинде, мәмлекетлер арасында тек экономикалық бирге ислесиўди емес, ал «халық дипломатиясын» раўажландырыўға да әҳмийетли үлес болып қосылады, деген үмиттемиз.

«LAMBERT Academic Publishing» халықаралық илимий басылымының жуўапкер хызметкери Елена Барбаның мәлим етиўинше, шығарманы басқа тиллерге аўдарыў бағдарында жумыслар даўам еттирилмекте.

Ғалаба хабар қураллары, amazon.com, libri.de, morebooks.de, umbreit.de, knigozal.com сыяқлы  ири интернет дүканлары, сондай-ақ, китапханалардың талапларына муўапық, қытай ҳәм араб тиллерине де аўдарылмақта. Олар да тез ўақытта оқыўшылардың қолына жетип барады.

«Cotton-Textile Cluster — loсomotive of the economic development» китабы «LAMBERT Academic Publishing» халықаралық басылымның ең көп сатылып атырған әдебиятлары дизиминен орын алғаны Президентимиз тәрепинен жәмийетлик-сиясий ҳәм экономикалық тараўларда әмелге асырылып атырған революциялық өзгерислердиң жоқары тән алыныўы, кластер идеясын дүнья тән алып атырғанының және бир әмелий тастыйғы болып есапланады.

 

 ӨзА