«Вести. net»тиң «The New York Times» газетасында жәрияланған мақалаға тийкарланып хабар бериўинше, « Facebook» корпорациясының баҳасы АҚШ доллары, нефть ямаса алтын сыяқлы дәстүрий қаржы активлери баҳасына байланыслы болған өз криптовалютасын ислеп шықпақта.
Атап өтилиўинше, корпорацияның криптовалютасы «WhatsApp» мессенджери арқалы интеграцияланыўы мүмкин. Интеграциядан кейин «WhatsApp» пайдаланыўшылары банк процесслерин шетлеп өткен жағдайда бир заматта электрон өткермелерди досларына, туўысқанларына дүнья бойлап жибериўи мүмкин болады. Ҳәзирги ўақытта санлы валютаны ислеп шығыў процеси соңғы басқышта тур.
Хабарда түсиник берилиўинше, «Telegram» жаратыўшысы Павел Дуров TON блокчейн-платформасын ислеп шығыўды баслағаннан кейин «Facebook» жәмәәти де өз криптовалютасын жаратыўға кирискен. Мағлыўматларға бола, Цукерберг корпорациясында бир неше криптобиржалар менен сөйлесиўлер алып барылған.
Малоҳат Ҳусанова, ӨзА