Белгили Nature Microbiology илимий журналы Дания техника университети профессоры Моҳир Ҳошим басшылығында өткерилген изертлеў нәтийжелерин жәриялады. Онда айтылыўынша, қәлеген қан группасын универсал (биринши) группаға айландырыў мүмкин.

Биологлар тәжирийбелер даўамында инсан микрофлорасында пайда болған Akkermansia muciniphila түрине киретуғын бактериялар ислеп шығаратуғын элемент қәлеген қан группасын биринши қан группасына айландыра алыўын анықлады.

Бизге белгили, биринши қан группасы универсал болып, басқа қәлеген қан группасындағы адамға оны қуйыў мүмкин.

Қәнигелер инсан организминде анықланған бул өзгешелик шыпакерлердиң  жумысын жеңиллестиретуғынын, наўқастың «надурыс» қан алыў итималлығын төменлететуғынын атап өтпекте. Қалаберсе, қан қуйыў орайларында  логистика жумысында жақсылайды. Басқа группалардағы  қанды биринши группаға айландырыў процесси ярым сааттан аспайды-деп жазбақта xabar.uz

 

                                                             Қарақалпақстан хабар агентлиги