Қарақалпақстан Республикасы АИЖСке қарсы гүресиў орайында кәсиплик аўқам комитетиниң шөлкемлестириўи менен 9-май-Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм “12-май-Халықаралық мийирбийкелер күни” мүнәсибети менен байрам кешеси өткерилди.

Онда орай бас шыпакери Дж. Мадреймова, кәсиплик аўқам комитети баслығы Г.Хабипова, бас шыпакер орынбасарлары А.Базарбаева, А.Аминовалар қатнасыўшыларды байрам менен қызғын қутлықлап, бурын усы орайда жумыс ислеп, напақаға шыққан бир қатар нуранийлер ҳәм ҳәзирги ўақытта хызмет етип атырған мийирбийкелерге Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.


Сондай-ақ, байрам кешесинде сыйлықланғанлар арасынан Лола Тихибаева ҳәм Саятхан Есназаровалар өзлерине көрсетилип атырған үлкен ҳүрмет ушын кеше шөлкемлестириўшилерине өз миннетдаршылықларын билдирди.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги