Усы жылдың 3-8-май күнлери Бирлескен Араб Әмирлигиниң Абу Даби қаласында спорттың Жиу-житсу түринен Азия чемпионаты болып өткен еди.

Онда республикамыз сайланды командасы қурамында шымбайлы ҳәм шоманайлы  жаслар да қатнасып, олар арасынан Шымбай районлық спорт мектеби тәрбияланыўшысы Айзада Худайбергенова ҳәм Қундыз Бектурсыновалар алтын, Исламбек Шарибаев гүмис, Шоманай районлық спорт мектеби тәрбияланыўшылары Перийзат Реймова гүмис, Абдулазиз Кенжебаев ҳәм Айгүл Алимовалар қола медалларын жеңип алған еди.

Аймақ жасларының қолға киргизген усындай үлкен табысы мүнәсибети менен Шымбай ҳәм Шоманай районларында салтанатлы илаж болып өтти.

Онда район ҳәкимлиги басшылары шығып сөйлеп, жеңимпаз спортшылар ҳәм олардың тренерлерин, ата-аналарын жаслардың ерискен усындай үлкен табысы менен қызғын қутлықлап, олардың алдағы ислерине табыслар тиледи ҳәм спортшылар менен тренерлерге естелик саўғаларын тапсырды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги