Мәмлекетимизде нураний ҳәм жасы үлкен инсанларды ардақлаў, олардың ҳалынан хабар алыў,  Ўатан ҳәм жәмийет жолында аянбастан ислеген мийнетлери ушын ҳүрмет, иззетке бөлеў сыяқлы халқымызға тән ағла қәсийетлер 9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни байрамында және бир мәрте өз көринисин тапты.

Байрам мүнәсибети менен Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң 4-курс студент-жаслары менен биргеликте  партиямыздың жетискенликлерге ерисиўинде ҳәм халық арасында абырайының артыўында өзиниң бар күш-ғайратын жумсаған, 1995-2004-жыллар аралығында “Адолат” социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы лаўазымында ислеген, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген медицина хызметкери Кеўнимжай аға Матековтың жағдайынан хабар алды.

Ашық сәўбет даўамында нураний атамыз бенен партиямыздың идеялары  менен  мақсетлери, оның басып өткен тарийхый жолы, сондай-ақ, дерлик 10 жыллық партия тараўындағы жумысынан умытылмас ўақыялар еске алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги