Қыйтақ жер-мол дәрамат дереги. Сондай-ақ, қыйтақ жер адамды мийнет сүйгишиликке бағдарлап,  шаңараққа қосымша дәрамат келтиреди.

Хожели районы «Тутзар» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Қаҳарман Палўанов үй қапталындағы қыйтақ жерде ҳәр қыйлы палыз өнимлерин жетистирип, шаңарақ ағзалары менен биргеликте тәрбиялап, жумыссыз жасларды жумыс пенен бәнт етип, мол дәрамат алып келмекте.

-24 сотых жерге овощ, палыз егинлерин егип, пискен өнимлерди ишки базарға шығарып атырмыз.  Ҳәр жылы 35 миллионға шамалас дәрамат көрип келмектемиз. Бағымыз бар. Сондай-ақ, нәл жетистиремиз. Соның менен бирге, пал ҳәрресин бағып, пал алып, оны да шаңарағымызға пайдаланып отырмыз. Инсан ҳеш қашан мийнеттен қашпаўы керек. «Мийнет етсең еринбей, тояды қарның тиленбей», дегениндей мийнет еткен адам ҳеш қашан кем болмайды,-дейди Қ. Палўанов.


Тынып-тыншымайтуғын Қаҳарманның алдағы режелери көп. Ол ушын жери қанша кең болса да сонша  кемдей. Себеби, оның қыйтақ жеринде бос орын жоқ. Клёнка астына кокостың сыртқы қабығына клубника егеди. Оның айтыўы бойынша кокостың ығаллылықты сақлап туратуғын қәсийети үлкен. Соң ашық ҳаўаға отырғызады. Қой, таўықларының  шығындылырынан биогомус төгин ислеп, жерди азықландырып, топырақтың қунарлығын арттырып барады. Алдағы ўақытлары жеңиллетилген кредит алып, өнимлерди сақлайтуғын 10 тонналық үлкен музлатқыш алып, жумыс көлемин кеңейтиў нийетинде. Французлардың жақсы көретуғын тағамы болған  помидорды кептирип, оливка  майына консервалап, оны экспорт етиў режеси де оның алдына қойған режелериниң бири. Бул режелер тынып-тыншымайтуғын Қ.Палўановты алға қарай талпындырмақта.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы