Тәжирийбели исбилерменлердиң жаслар менен ушырасыўларын өткериў, дөгерек сәўбетлесиўлерин шөлкемлестирип баҳалы мәсләҳәтлерин алыў, тәжирийбелерин үйрениў жолға қойылған болып, бул илажлар жаслар, әсиресе, оқыўшылар ушын оғада пайдалы болмақта.

Шоманай районында район ҳәкиминиң орынбасары А.Бекмуратов, Әдиллик бөлиминиң баслығы Р.Дошанов ҳәм мәлимлеме хызмети менен биргеликте “Жаслар дәптери”не киргизилген билимлендириў мәкемелериниң оқыўшы-жасларының қатнасыўында өз исбилерменлиги менен жетискенликлерге ерисип киятырған өнермент ҳәм исбилермен Алтынай Нәўбетова, Караматдин Камаловлар менен ушырасыў шөлкемлестирилди.

Онда тәжирийбели исбилерменлер тәрепинен жасларымызға өз исбилерменлик жумысын баслағанда нелерге итибар бериў кереклиги, дәслеп жумысты баслаған ўақытта қыйыншылықлар болатуғынлығы, ондай жағдайда баслаған исин таслап кетпеў кереклиги ҳәм барлық ўақытта өз жумысын жақсы көрип, ҳадал ислеўи зәрүр екенлиги жасларға ескертилди.

Өзлериниң басып өткен мийнет жолы ҳаққында мағлыўматлар айтып, баҳалы мәсләҳәтлер берилди.

Жаслар ашық сәўбет даўамында өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги