Қоӊырат районлық Жоллардан пайдаланыў мәмлекетлик шөлкеми тәрепинен  район аймағындағы автомобиль жолларыныӊ техникалық жағдайын жақсылаў сондай-ақ,  автомобиль басқарыўшыларына қолайлы  шараят жаратыў мақсетинде көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. 

Атап айтқанда, жергиликли әҳмийетдеги 4н79 автомобиль жолыныӊ 2—3-километр бөлеги арнаўлы техника жәрдеминде бөлип алынып таза асфальт қапламасын басыў жумыслары алып барылмақта. Сондай-ақ, А-380 автомобиль жолыныӊ Қоӊырат районлық  аймағынан өтиўши бөлегинде күнделикли  оӊлаў жумыслары әмелге асырылмақта.

Пуқаралардыӊ автомобиль жолларында ҳәрекетленгенинде қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде, район аймағындағы жергиликли әҳмийетдеги 4н36 автомобиль жолыныӊ 9—10-километр бөлегинде пиядалар өтиў жолы орнатылды. Әлбетте, бул алып барылып атырған жумыслар нәтийжесинде район турғынларына ҳәм  районға келип атырған мийманларға қолайлылықлар жаратылып, жол тараўындағы ушырасып атырған машқалаларға шешим болары анық.

Қарақалпақстан хабар агентлиги