9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 79 жыллығы мүнәсибети менен орынларда бир қатар илажлар өткерилди. Урыс ҳәм мийнет фронты ветеранларынан хабар алынып, оларға байрам саўғалары тапсырылды.

Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев, “Инсан” социаллық хызметлер орайы директоры Б.Жуматаев  ҳәм сектор басшылары тәрепинен, екинши жер жүзилик урыста, фронт артында мийнет еткен ҳәм балалығы урыс жылларында өткен нураныйлардың ҳалынан хабар алынып, жеңиске 79 жыл толыўы менен қутлықлады.

Райондағы Наўрыз мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Балхия Абылханованың да шаңарағынан хабар алынды.



– Мен 1944-жыл 15-майда туўылғанман. Әкем Абылхан Карыбаев 1943-жылдың ақырында Ўатанымызды қорғаў ушын урысқа кеўиллилер қатарында атланады. Ол урысқа кеткен ўақытта анам маған ҳәмледар болған екен. 1944-жыл Беларуссияда болған саўашлардың биринде әкем душпан тәрепинен тасланған авиабомбадан  қайтыс болады. Урыс дәўиринде туўылған көплеген инсанлар мен қатары урысқа кеткен әкесин көрмей, сағыныш сезиминде жасап келмекте. Мен әкемди көрмеген болсам да елеге шекем оның сағынышы менен жасап киятырман. Усындай елимиз тыныш, аспанымыз ашық болған заманда жасап атырғанымызға шүкиршилик етип, тынышлықтың қәдирине жетиў кереклигин ақлықларыма ҳәм жасларға айтып келмектемен,-дейди Б.Абылханова.

Илаж даўамында сәўбетлесиў өткерилип, оларға район ҳәкимлиги тәрепинен таярланған байрам саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги