Президент басшылығында өткерилип атырған мәжилисте атап өтилгениндей, пиллени сатып алыў баҳасының төмен екени ушын пиллекешлерде мәпдарлық төмен.

Соның ушын пиллешиликти раўажландырыў бойынша күни кеше қол қойылған Президент пәрманы менен пиллени сатып алыў баҳасы 25 процентке арттырылды.

Пиллекешлер дәрамат ҳәм социаллық салықлардан азат етилди, тутзарлар ушын жер салығының 10 проценти төленеди.

Жуўапкерлер ҳәм ҳәкимлерге жаңа тутзарлар шөлкемлестирилсе болатуғын 105 мың гектар жер ажыратыў тапсырылды. Бул жерлер лотларға бөлинип, аукционда бериледи, аукциондағы жердиң басланғаыш баҳасы 10 процент етип белгиленеди.

ӨзА