Президент Шавкат Мирзиёев БМШтың 78-сессиясында Азия ҳаял-қызлар форумын Өзбекстанда өткериў басламасы менен шыққан. Бул форумның тийкарғы мақсети ҳаял-қызлардың имканиятларын экономикалық дәрежеде кеңейтиў, сондай-ақ, семинарлар ямаса билимлендириў ҳәм тренинглер арқалы оның имканиятларын арттырыў болып есапланады.

Бул форумда тәжирийбе алмасыўдан баслап, гендер теңлик, ҳаял-қызлар ҳәм балаларды кемситиўдиң барлық түрлерин сапластырыў сыяқлы ҳаял-қызлардың ҳуқықларын кеңейтиўге бағышланған айырым сессиялар бар.

Кувейт Ҳаял-қызлар ассоциациясы ушын бул конференцияда қатнасыў оғада әҳмийетли. Бул аўқамның тийкарғы мақсети ҳәм бағдары Кувейт ҳаял-қызлары ҳәм олардың жумыслары менен жетискенликлерин халықаралық көлемде көрсетиў болып есапланады.

Бул түрдеги халықаралық ҳәрекетке итибар қаратыў ҳаял-қызлар ушын, Кувейт ҳаял-қызлары ушын тәжирийбе алмасыў ҳәм халықаралық тармақты күшейтиў ушын әҳмийетли қурал ҳәм имканият болады.

Кувейт Ҳаял-қызлар жәмийети баслығының орынбасары, ҳаял-қызлар жәмийетлери ассоциациясы Басқарма кеңесиниң ағзасы Др.Ҳийла Ҳаммад ал-Макаими.

Қарақалпақстан хабар агентлиги