Ҳәзирги ўақытта Халықаралық конгресс орайында Президент Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында энергетика тараўында жаңа қуўатлықларды иске қосыў ҳәм гезектеги жойбарлардың қурылысына старт бериў мәресими болып өтпекте.
Мәмлекетимиз басшысы баҳасы 3,7 миллиард долларлық 18 жаңа қуўатлықлар иске қосылып атырғаны ҳәм гезектеги 6 жойбар қурылысына старт берилип атырғанын энергетика тараўындағы тарийхый ўақыя деп атады.
Атап айтқанда, Бухара, Наўайы, Наманган ҳәм Ташкент ўәлаятларында дерлик 2,3 мың мегаватт қуўатлылыққа ийе 5 қуяш ҳәм самал электр станциясы ҳәм 5 жоқары күшлениўли подстанция иске қосылмақта.
Өзбекстанда биринши мәрте Әндижан ҳәм Ферғанада 300 мегаваттлы ири сақлаў системасы қурылды.
Сондай-ақ, Қашқадәрьяда 400 мегаваттлы электр станциясы, Ташкент қаласында заманагөй когенерация қурылмасы, Әндижан, Сурхандәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларында 4 киши ГЭС пайдаланыўға тапсырылмақта.
Сырт елли шериклер менен бирге ислесиўди избе-из даўам еттириў жолындағы жаңа бет сыпатында Ферғана, Самарқанд, Наўайы, Ташкент ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында баҳасы 3,5 миллиард доллар болған 2,5 мың мегаваттлы 6 электр қуўатлықларының қурылысы басланбақта.
ӨзА