Бул ҳаққында Президент басшылығында социаллық қорғаў тараўындағы жумыслардың нәтийжелилигин ҳәм 2025-жыл ушын әҳмийетли ўазыйпаларды додалаўға бағышланып өткерилип атырған мәжилисте атап өтилди.

Және бир тәжирийбе – быйылғы жылы майыплығы бар балалар ушын 73 күндизги тәрбиялаў ҳәм «Ғамқорлық» топарлары шөлкемлестирилди.

Бул тараўға жеке меншик секторды алып кириў ушын қосымша имканиятлар жаратылады.

Яғный, исбилерменлерге ҳәр бир бала ушын күнине 100 мың сумнан субсидия, ханаларын үскенелеўге 30 миллион сумға шекем арзан кредит ажыратылады.

Буның есабынан Қарақалпақстан Республикасы, Әндижан, Қашқадәрья, Самарқанд, Ташкент ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласында майыплығы бар 2 мың баланы күндизги тәрбиялаў системасы жолға қойылады.

Бул система 1-октябрьге шекем қалған ўәлаятларда да енгизиледи.

Жуўапкерлердиң алдына келеси жылы 15 мың майыплығы бар баланы билимлендириўге тартыў ўазыйпасы қойылды.

ӨзА