Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 4-март күни жоқары оқыў орынлары студентлериниң бәнтлигин тәмийинлеў бойынша тийкарғы ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәмлекет келешеги, барлық тараўлар ҳәм жойбарлардың табысы билимли, заманагөй пикирлейтуғын, өз тараўының усталары болған инсанларға байланыслы. Соның ушын елимизде әйне билимлендириў тараўын, инсан капиталын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги күнде жоқары оқыў орынларымызда 510 мың студент күндизги тәлим түринде оқымақта (жәми 820 мың). Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасына муўапық, студентлер менен сөйлесиўлер ҳәм сораўнамалар өткерилди. Студентлердиң 100 мыңға шамаласы жумыс ислеў ҳәм қосымша дәрамат табыўға мүтәжлиги бар екенлигин билдирген. Әсиресе, олардың арасында 7,5 мың шын жетим ямаса майыплығы болған және 4,5 мың ҳәр қыйлы «дәптерлер»ге киргизилген студентлер бар.

– Жоқары оқыў орны үлкен шаңарақ. Бул шаңарақтың басшысы – ректор. Ата-аналар ең үлкен байлығын, перзентин сизлерге тапсырған. Соның ушын ректорлар ҳәр бир студент пенен жеке ушырасыўы шәрт. Бул бойынша ҳақыйқый жағдайды билип, студентлердиң шаңарақлық жағдайы, шараяты, қандай оқып атыр, машқалалары ҳәм усыныслары, қулласы, ҳәммеси ҳаққында ҳәр айда есабат береди ҳәм бул мәселеге жеке жуўапкер болады,-деди Шавкат Мирзиёев.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги күнде студентлер ислеўи мүмкин болған 105 мың вакант жумыс орны бар. Билимлендириў ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында – 22 мыңнан, санаатта – 17 мың, денсаўлықты сақлаўда – 9 мың, қурылыс ҳәм аўыл хожалығында – 6 мыңнан, қаржы тараўында – 3 мың, байланыс ҳәм 85 тараўында – 2,5 мың жумыс орны бар.

– Жуўапкерлер жумыс ислеўге мүтәжлиги бар студентлерге жәрдем берип, олардың бәнтлигин тәмийинлеўи шәрт,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Мәжилисте бул жумысларды системалы шөлкемлестириў ушын Бас министрдиң басшылығында республикалық комиссия дүзилетуғыны мәлим етилди. Сондай-ақ, ўәлаят ҳәкимлериниң басшылығында аймақларда да усындай комиссиялар шөлкемлестириледи.

Комиссия ўәлаят ҳәкимлери ҳәм ректорлар менен бирге вакант орынларды таллап, ҳәр бир ўәлаят бойынша биринши, екинши ҳәм үшинши курс студентлериниң кеминде 30-40 процентин жумысқа жайластырыў илажларын көреди. Буннан тысқары, питкериўши курслар студентлериниң келешектеги жумыс орнын белгилеп алады ҳәм оларды мийнет ҳақы төленетуғын 3-4 айлық стажировкаға жибереди.

Мәмлекетимиз басшысы жоқары оқыў орынларындағы бос хана ҳәм имаратларды студентлерге бийпул ажыратыў арқалы төлемли курслар, дөгереклер ҳәм басқа да хызметлер және өндирислер шөлкемлестириў арқалы жумыс орынларын жаратыў мүмкин екенлигин атап өтти.

Ректорлар жоқары оқыў орынларының бағдарына қарап, халық ҳәм исбилерменлерге төлемли хызметлер көрсетип, 5 мың студентке қосымша дәрамат алыў имканиятын жаратыўы шәрт екенлиги атап өтилди.

Жуўапкерлерге ҳәр бир жоқары оқыў орнында бир ай мүддетте бәнтлик орайлары, сондай-ақ, он күн мүддетте бул жердеги бос хана ҳәм имаратларды студентлерге бийпул ажыратып, кеминде 10 төлемли курслар, турмыслық ҳәм басқа да хызметлерди шөлкемлестириў ўазыйпасы тапсырылды. Бул арқалы 5 мың студент дәрамат келтиретуғын жумыс пенен бәнт болады.

Бул жумысларды қоллап-қуўатлаў бойынша мәмлекет тәрепинен барлық шараятлар жаратып бериледи. Соның ишинде, жоқары оқыў орынларының аймағында төлемли оқыў курслары, спорт дөгереклери ҳәм басқа да хызметлерди шөлкемлестирген студентлер дәрамат салығынан азат етиледи. Улыўма, студентлердиң жоқары оқыў орынлары аймағындағы жойбарлары ушын 100 миллиард сум кредит ресурсларының ажыратылатуғыны көрсетип өтилди.

Буннан тысқары, ректорлар бир ай мүддетте өз аймағында студентлер бос ўақтында жумыс ислеп, дәрамат табыўы ушын бир коворкинг орайын шөлкемлестириўди баслаўы керек екенлиги көрсетип өтилди.

Және бир мәселе – жоқары оқыў орынларындағы басқарыў, техникалық, хызмет көрсетиўши ҳәм оқыў-жәрдемши лаўазымлары бойынша вакант орынларда 3 мыңнан аслам студенттиң бәнтлигин тәмийинлеў мүмкин.

Ташкент медицина академиясында 70 студент жумыс алып барыўшы, кафедра лаборанты, китапханашы, қоймаханашы сыяқлы лаўазымларда ислемекте. Бирақ ҳәзир жоқары оқыў орынларындағы көпшилик лаўазымларға жоқары мағлыўмат болыўы талап етиледи. Соның ушын бурынғысынан өзгеше тәризде ректорларға өз системасындағы лаўазымларға студентти билим ҳәм потенциалынан келип шығып жумысқа жайластырыўға руқсат етилетуғыны белгиленди.

Буннан тысқары, барлық мәмлекетлик шөлкемлер менен мәкемелерде студентлер ушын жумыс ислеўге руқсат берилетуғын болды.

Мәселен, жоқары оқыў орынлары әтирапындағы қала мектеплери ҳәм бақшаларында 13 мың вакант жумыс орны бар. Жуўапкерлерге бир ай мүддетте кеминде 10 мың студентти олар ушын жайласыўы қолайлы болған мектеплер ҳәм бақшаларға жумысқа жайластырыў илажларын көриў ўазыйпасы қойылды.

Орайлық банк тәжирийбеси тийкарында студентлердиң мийнет ҳақы төленетуғын стажировкаларын шөлкемлестириў ҳәм олардың жуўмағында ең жақсы стажерларға жумыс усыныс етиў системасы экономика, финанс, қурылыс, энергетика, аўыл ҳәм суў хожалығы министрликлери, салық, кадастр уйымларында да енгизилетуғыны белгиленди.

Бул жаңа система арқалы, ҳәр жылы 3 мың студенттиң бәнтлиги тәмийинленеди.

Мәжилисте мәмлекетлик грантлар есабынан әмелге асырылатуғын илимий жойбарларға 2022-жылы кеминде 3 студентти тартыў зәрүр екенлиги айтылды. Усы мақсетте жоқары оқыў орынларындағы илимий жойбарлаў топарлары қурамының кеминде 40 прцентин студентлер есабынан қәлиплестириў ўазыйпасы белгиленди.

Мәмлекетимиз басшысы ўәлаят ҳәм қала ҳәкимлери ректорлар менен биргеликте жоқары оқыў орынлары ҳәм жеке меншик сектор арасында бирге ислесиўди системалы жолға қойып, 30 мың студентти жумыс пенен бәнт етиўи зәрүр екенлигин атап өтти. Онда ўәлаят ҳәкимлери жумыс бериўшилер менен биргеликте вакансия ҳәм әмелият ярмаркалары, стдентлер ушын бизнес ушырасыўлар шөлкемлестирилиўи белгиленди.

Ўәлаят ҳәкимлери еки ай мүддетте жоқары оқыў орынлары менен ири компания, кластер ҳәм басқа да кәрханалар арасында бирге ислесиў системасын жаратып, жыл ақырына шекем 10 мың студенттиң бәнтлигин тәмийинлеўи белгиленди.

Мәжилисте 2021-жылы студентлер жатақханасы бойынша система жаратылғаны атап өтилди. Бирақ, барлық аймақларда да жумыслар бирдей алып барылмай атырғаны көрсетип өтилди. Бир ай ишинде бул бойынша өзгерис етпеген аймақ басшысы ҳәм жоқары оқыў орны ректорының жумыстан алынатуғыны мәлим етилди.

Қайсы жоқары оқыў орнының ректоры жатақхана қурылысының 50 процентин өзи басшылық етип атырған ЖОО қаржысы есабынан әмелге асырыў басламасын билдирсе, қалған 50 проценти бюджеттен қаплап берилетуғыны белгилеп алынды.

– Және бир әҳмийетли мәселе. Ҳәзирги күнде Украина жоқары оқыў орынларында 370 тен аслам жасларымыз тәлим алмақта ҳәм соннан 200 ге шамаласы ўатанға қайтарылды. Қалғанларын да жақын бир ҳәптеде қайтарыў ушын барлық илажларды көрип атырмыз,-деди Президентимиз.

Тийисли комиссия шөлкемлестирилип, бир ҳәпте мүддетте Украинадан қайтқан студентлердиң елимиз жоқары оқыў орынларында оқыўын даўам еттириўи ушын барлық шараят жаратып берилетуғыны көрсетип өтилди.

Жуўапкерлер мәжилисте додаланған ўазыйпалардың орынланыўы бағдарында исленетуғын жумыслар бойынша мәлимлеме берди.

ӨзА