Шарўашылық хожалықларын қаржылай қоллап-қуўатлаў, азықлық базасын буннан былай да көбей    тиў, сондай-ақ, халықтың ири шарўашылық хожалықлары ҳәм шарўашылық өнимлерин қайта ислеўшилер менен бирге ислесиўи тийкарында  өз шаңарақларында шарўа малларын бағыўды шөлкемлестириў ҳәм  азықлық базасын болған талабын қанаатландырыўда  Президентимиздиң усы жыл 8-февральдағы  «Шарўашылықты буннан былай да раўажландырыў ҳәм шарўа азықлық базасын беккемлеў илажлары ҳаққында»ғы қарары айрықша әҳмийетке ийе болды.

Бул бағдарда Төрткүл районында әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм оның районлық бөлими менен биргекликте пресс–тур шөлкемлестирилди.

Илаж қатнасыўшылары «Уллыбағ» аўыл пуқаралар жыйынындағы нәсилшиликке қәнигелестирилген «Уллыбағ шарўа комплекси» фермер хожалығында болды. 2015-жылы шөлкемлестирилген бул хожалық 17,6 гектар егислик, 32,7 гектар жайлаў, жәми 50,3 гектар жер майданына ийе. «Халық банки»ниң районлық бөлиминен алынған 750 миллион сум кредит есабынан 2020-жылы Австрия мәмлекетинен 31 бас, өткен жылы 31 бас  симментал нәсилли қарамал алып келинди. Өткен жылы бул маллардан 29 бузаў алынды. Ҳәр бир сыйырдан күнине орташа 15 литр сүт саўып алынып, өткен жылы 270 тонна сүт жетистирилди. Бул өнимлер Нөкис районындағы «Қоңыратбай Меҳри» фермер хожалығы жанындағы сүтти қайта ислеў цехына шәртнама тийкарында тапсырылмақта. Сондай-ақ, өткен жылы 55 тонна гөш жетистирилип, Нөкис қаласы ҳәм Төрткүл дийқан базарлары арқалы халыққа сатылды.

Бул жерде 2020-жылы 650 миллион сум қаржы есабынан заманагөй малхана қурылысы алып барылды. От-жем базасын беккемлеў бойынша 200 тонна аралас от-шөп, соның ишинде 100 тонна беде таярланды. Бул жумысларға 2 дана МТЗ-80 ҳәм ТТЗ ЛС  маркалы техника қатнастырылмақта. Фермер хожалығында 6 адам турақлы, 22 адам мәўсимлик жумыс пенен тәмийинленген.

Илажда әмелге асырылып атырған жумыслар, алдағы режелер бойынша кең түрде мағлыўмат берилди.

Районда балықшылықты раўажландырыў, халықты арзан балық өнимлери менен тәмийинлеўге айрықша әҳмийет берилмекте. Солардың бири «Кўна Тўрткўл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 2014-жылы шөлкемлестирилген «Супер балықлар» көп тармақлы фермер хожалығы болып табылады.

Банктен алынған кредит есабынан Россия Федерациясынан бир мәўсимде 300 миллион дана шабақ жетистириўши инкубация үскенелери алып келинди. Усының есабынан өткен жылы 50 миллион дана шабақ жетистирилип, жасалма ҳәўизлерге жиберилди. Республикамыздан тысқары Бухара ҳәм Хорезм ўәлаятларына 35 миллион данадан зыят шабақ жиберилди. Қәнигелердиң атап өткениндей, инкубация үскенелеринен толық пайдаланылса, 6 ўәлаятты шабақ пенен тәмийинлеў имканияты бар.

Көп тармақлы фермер хожалығында ақ амур, сазан, ылақа, толстолобик балықлары жетистирилмекте. Бул жерде 10 турақлы, 50 мәўсимли жумысшы мийнет етпекте.

Илаж соңында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги