Әйне күнлерде Бирлескен Араб Әмирликлериниң Абу-Даби қаласындағы XIII жыллық инвестиция мәжилиси болып өтпекте.

Онда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – экономикалық ҳәм қаржы министри Жамшид Қўчқаров басшылығындағы Өзбекстан делегациясы да қатнаспақта.

Минстирликтиң мәлимлеме хызметине бола, бул рет те дүньяның жетекши инвестиция илажы сыпатында танылған бул платформа глобаллық инвестиция ландшафтындағы тенденция ҳәм имканиятларынды додалаў ушын пүткил дүнья бойлап санаат тараўы жетекшилери, сиясатшылар ҳәм  инвесторларды өзинде жәмледи.

Илаж даўамында Өзбекстан делегациясы саўда қатнасықларын беккемлеў ҳәм жаңа инвестициялық имканиятларды үйрениўге қаратылған бир қатар еки тәреплеме пикир алысыўлар күтилмекте. Бул бирге ислесиўлер  Өзбекстанның аўыл хожалығы, энергетика ҳәм технологиялар сыяқлы керекли тараўлардағы стратегиялық басламаларын алға қояды. Бул болса мәмлекеттиң экономикалық турақлылығы ушын шешиўши әҳмийетке ийе.

Сондай-ақ, делегациялар түрли ушырасыў ҳәм сессияларда  қатнасып, Өзбекстанның инвестициялық орталығы ҳәм мәмлекетте бизнести жүргизиў шараятларын жақсылаўда  зәрүр әҳмийетке ийе болған реформалар ҳаққында пикир алыспақта. Сессиялар тиккелей сырт ел инвестицияларын хошаметлеўди жақсылаў ҳәм бизнес операцияларының ашықлығын арттырыўға қаратылған соңғы нызамшылық реформаларын өзинде сәўлелендирмекте.

Мағлыўмат орнында, инвестиция мәжилиси өз жумысын 9-май күни жуўмақлайды

                                                                                                          ӨзА