Қарақалпақ әдебиятының қос байтереги Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсупов ҳәм Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновлардың туўылғанына 95 жыл толды.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалында «Қарақалпақ халқының қос байтереги» атамасында әдебий кеше болып өтти.

Кешени филиал директорының Жаслар мәселелери, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша биринши орынбасары Р.Хайдаров алып барды.

Әдебий кеше мийманы Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, филология илимлериниң кандидаты, доцент Бахтияр Генжемуратов студент-жасларға қарақалпақ әдебиятының қос байтереги болған жазыўшы ҳәм шайырдың өмири, мийнет жолы, олардың қәлемине тийисли көркем дөретпелери ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берип өтти.

Атақлы жазыўшы ҳәм шайырдың атын мәңгилестириў бойынша елимизде алып барылып атырған жумысларға да тоқтап өтти. Яғный, атап айтқанда, қаламызда үлкен көшелерге жазыўшы, шайырдың атларының қойылыўы, әсиресе, Ташкент қаласындағы Жазыўшылар бағында саўлатлы естелигиниң орнатылыўын айрықша мақтаныш пенен тилге алды.

Кешеде жазыўшы ҳәм шайырдың шығармаларынан үзиндилер оқылып, пикир алысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги