Профессионал билим бериў мәкемелеринде дуал билимлендириў түрин енгизиў имканияты кеңейтиледи ҳәм билимлендириў процесслери басқышпа-басқыш санластырылады.

Дуал билимлендириў түрин енгизген ең жақсы 100 профессионал билим бериў мәкемесине ҳәр жылы 50 миллион сумнан қаржы ажыратылады.

Профессионал билим бериў мәкемеси оқыў-әмелияты процесинде ислеп шығарылған өнимлерди (товар, жумыс, хызметлерди) сатыўы мүмкин.

Профессионал билим бериў мәкемелериниң басшы ҳәм педагог хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеўдиң жаңа дифференциалластырылған тәртиби енгизиледи.

Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларды додалаў порталына қойылған Президент қарары жойбарында усындай көплеген жеңилликлер нәзерде тутылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги