Халықаралық илимпазлар топары «SARSCoV-2» коронавирусы жолдастан өтип, ««COVID-19»»  бенен аўырған ҳаялларда ерте туўыў ҳәм өли туўыўға себеп болыўы мүмкин екенин анықлады, деп жәрияланбақта сырт ел басылымларында.

Изертлеўшилер ҳәмиледарлық ўақтында ««COVID-19»» ды басынан өткерген шаншылмаған ҳаяллардан туўылған 64 өли бала ҳәм туўылғанынан көп өтпей қайтыс болған төрт нәрестени үйренип, усындай жуўмаққа келген.

Мәлим болыўынша, коронавирус жолдасқа кирип исиниўди келтирип шығарады. Бул болса ҳәмилениң азықланыўына жаман тәсир етеди. Ақыбетинде, тоқымалардың 77 процентине шекем зыянланып, аўыр плацента жетиспеўшилигине себеп болады ҳәм ҳәмиледарлықтың 30 ҳәптелигинде өли бала туўылыўына алып келеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги