Төрткүл районындағы 10-санлы улыўма билим бериў мектебинде ғәззел мүлкиниң султаны Әлийшер Наўайы туўылғанының 581, патша ҳәм шайыр Заҳириддин Муҳаммад Бабурдың туўылғанының 539 жыллығына бағышланып  «Мәңги тулғалар» атамасында мәдений-ағартыўшылық илажы болып өтти.

Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды районлық бөлимшелери, районлық Халық билимлендириў бөлими тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген кешеде еки уллы тулғаның өмири ҳәм дөретиўшилиги, халық ушын ислеген хызметлери, пүткил дүньяға белгили болған шығармалары ҳаққында сөз болды. Мектептиң дөретиўши оқыўшы жаслары тәрепинен олардың шығармаларынан үзиндилер, сахналық көринислер атқарылды.

Илаж соңында қатнасыўшыларға «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды районлық бөлимшеси тәрепинен китаплар топламы саўға етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги