Кеше Париж қаласында футбол бойынша Европа чемпионлар лигасының ярым финал жуўап ушырасыўы болып өтти.

Онда жергиликли «ПСЖ» ҳәм Германияның «Боруссия Д» клублары өз-ара ушырасты. Ойынның  биринш таймында көплеген қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирилгени менен ушырасыўда есап ашылмады.

Ал, екинши таймды болса, дортмундлылар гол менен баслады ҳәм онда Матс Ҳуммелс басы менен «ПСЖ» дәрўазасын анық нышанға алыўға еристи.  Буннан кейинги минутларда майдан ийелери өз қарсыласлары дәрўазасына гол урыў ушын қаншелли ҳәрекет еткени менен ойында есап өзгерместен қалды ҳәм «Боррусия Д» клубы Чемпионлар лигасының дәслепки финалшысына айланды.

Бүгин түнде Мадрид қаласында  Чемпионлар лигасының екинши ярым финал ойыны болып өтеди ҳәм онда «Реал» ҳәм «Бавария» командалары жеңимпазлық ушын өз-ара майданға түседи.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги