Халықаралық футбол ассоциациялары федерацияси (ФИФА) футзал сайланды командаларының жаңаланған рейтингин жәриялады. Онда Өзбекстан миллий сайланды командасы 139 мәмлекет арасында 11-орында атап өтилди.

Командамыз жаңа рейтингте 1288,96 упайға ийе. Бул нәтийже Азия командалары арасында үшинши көрсеткиш болып есапланады.

Бразилия сайланды командасы ФИФА рейтингинде биринши орынды ийелеп турыпты. Әмелдеги жәҳән чемпионы Португалия болса Испанияны артта қалдырған ҳалда екинши текшеге көтерилип алды. Иран ҳәм Аргентина күшли бесликтен орын алған.

Усы бес команда ҳәм Өзбекстан жәҳән чемпионатына чек таслаў мәресиминде 1-себетшеге жайластырылады.

Футзал бойынша 2024-жылғы жәҳән чемпионаты Өзбекстанда өткериледи. Дүнья бириншилине чек таслаў мәресими 26-май күнине режелестирилмекте.

Жәҳән чемпионаты 14-сентябрь — 6-октябрь күнлери болып өтеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги