Россия президенти Владимир Путин мәмлекетте туўылыўдың улыўма дәрежесин арттырыўды буйырды. Бул Кремль сайтында жәрияланған пәрманда мәлим етилген.
Ҳүжжетте миллий мақсетке ерисиў зәрүрлиги көрсетилген. Буларға төмендегилер киреди: халық санының азайыўын тәмийинлеў, адамлардың саламатлығын беккемлеў ҳәм абаданлығын арттырыў, шаңарақларды қоллап-қуўатлаў.
Пәрманда туўылыўдың улыўма коэффициенти 2030-жылға барып 1,6 ге, 2036-жылға келип болса, 1,8 ге жетиўи зәрүрлиги атап өтилген. Бул үшинши ҳәм оннан кейинги балалардың улыўма туўылыў коэффициентиниң жыллық өсиўин де аңлатады.
Еслетип өтемиз, Россияда соңғы жыллары және халықтың азайыўы жүз бермекте.
Росстаттың дәслепки мағлыўматларына бола, Россия халқы 2024-жыл 1-январь жағдайына бола, 146 миллион 203 мың 613 адамды қурады. Бул өткен жылғы көрсеткишлерден 244 мың адамға азырақ.
2023-жылдың 1-январь жағдайына бола, бул көрсеткиш 146 миллион 447 мың 424 адамды қураған еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги