Foto: Sports

Неймар Бразилиядағы тәбийғый апатшылықтан жәбир көргенлерге жәрдем берди.

«Аль-Ҳилол» ҳүжимшиси Рио Гранде-ду-Сул штатындағы суў тасқынынан жәбир көрген халыққа суў, азық-аўқат ҳәм басқа өнимлер жеткерип бериў ушын жеке самолётын жиберген.

Неймар өзиниң социаллық тармақларында жағдайға бийпәрўа болмаған адамларды тәбийғый апатшылық ақыбетлерин шешиўде қатнасыўға шақырды.

Foto: CNN

BBC рәсмийлерине сүйенип хабар бериўинше, суў тасқыны себепли Рио Гранде-ду-Сулдың 150 мыңға шамалас халқы үйлерин тәрк етиўге мәжбүр болған. Кеминде 85 адам қайтыс болған, және 130 адам дәрексиз жоғалған. Жағдай усы ҳәптедеги күшли жаўынлар фонында төменлеўи күтилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги