Усы жылдың 27-30-июнь күнлери Замин районында Халықаралық мақам көркем өнер фестивалы өткериледи.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 26-февральдағы «II Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманын өткериўге таярлық көриў илажлары ҳаққында»ғы бийлиги қабыл етилген еди. Оған бола Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманын екинши мәрте 2020-жыл сентябрь айының биринши ярымында өткериў бойынша Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Өзбекстан композиторлары ҳәм мелодистлери аўқамы ҳәм Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлигиниң усынысы мақулланған, бирақ пандемия себепли бул әнжуманды өткериў басқа мүддетке қалдырылған еди.

Солай етип, әнжуман өзиниң сулыў тәбияты менен белгили Заминде өткерилетуғын болды.

Еслетип өтемиз, Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 17-ноябрьдеги «Өзбек миллий мақам көркем өнерин және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында 2018-жылы Қашқадәрья ўәлаятының Шаҳрисабз қаласында болып өткен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги