9-май – фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 79 жыллығы мүнәсибети менен Орайлық Азия мәмлекетлеринде жасаўшы екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларына бир мәртелик ақшалай сыйлықлар берилди.

Ақшалай сыйлық қәрежетлери муғдары Орайлық Азия мәмлекетлеринде өзбек сумында 1,5 млн сумнан басланып 86,2 млн сумға шекем етип белгиленди.

Хош, 5 мәмлекет ҳүкиметлери усы жылы урыс қатнасыўшыларына қаншадан ақшалай сыйлық берди?

Өзбекстанда быйылғы «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» мүнәсибети менен Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары (айырым дәреклерге бола, өткен жылы олардың саны республикада 174 болған)на 20 млн сум муғдарындағы бир мәртелик ақшалай сыйлық бериледи.

Сондай-ақ:

  • Қазақстанда (жасаў аймағына қарап) – 1,5 – 3 миллион теңге (шама менен 43,1 – 86,2 млн сум);
  • Қырғызстанда 20,4 мың сом (шама менен 2,9 млн сум);
  • Тәжикстанда 40 мың сомоний (шама менен 46,2 млн сум);
  • Түркменстанда 200 манат (шама менен 1,5 млн сум) ақшалай сыйлық бериледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги