«9-май-Еслеў ҳәм қәдирлеў  күни» алдынан республикамызға белгили футбол тренери марҳум Абилтай Есенбаевтың 80 жыллық юбилейине бағышланып, 2012-2014-жылларда туўылған балалар арасында футбол турнири болып өтти.

Оған республикамыз аймақларынан келген жәми 8 команда қатнасты.



Қызықлы өткен жарыс соңында биринши орынды Республикалық қәнигелестирилген спорт мектеби, екинши орынды Кегейли районлық спорт мектеби ҳәм сыйлы үшинши орынды Қоңырат районлық спорт мектебиниң тәрбияланыўшылары жеңип алыўға миясар болып, жарыс шөлкемлестириўшилери тәрепинен медаль ҳәм арнаўлы дипломлар менен сыйлықланды.

-Абилтай аға пүткил саналы өмирин республикамызда футболды раўажландырыўға арнады ҳәм көплеген шәкиртлер таярлады. Олардың арасынан пүткил елимизге белгили Қәдир Ибрагимов, Қуўат Төреев ҳәм Тимур Искендеровтай шебер футболшылар  өсип жетилисти,-дейди Қарақалпақстан футбол ассоциациясының вице-президенти Исҳақ Ибрагимов.

Ҳақыйқатында да, Абилтай Есенбаев көп жыллар даўамында Республикалық балалар ҳәм жас өспиримлер футбол мектебинде тренер ҳәм директор болып пидайы хызмет етти. Оның усындай жемисли мийнетлери инабатқа алынып, ол «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы» ҳүрметли атағы менен сыйлықланды. Бундай инсанның естелигин мәңгилестириў мақсетинде шөлкемлестирилген бул турнир «жүзикке қас қойғандай» орынлы болды, деп ойлаймыз.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги