Инсан мәпи, оның қәдир қымбаты қәдирелентуғын журтымызда ел-халқымыздың абадан  турмысы ҳәм тынышлығы ушын үлес қосқан ҳүрметли нуранийлеримиз бәрқулла ҳүрмет иззетке бөленип, оларға Президентимиздиң тапсырмасы менен айрықша итибар қаратылып келинбекте.

Нөкис қаласы «Әмиўдәрья» МПЖ Қонырат көшесинде жасаўшы  екинши жер жүзилик урысы қатнасыўшысы Қәдирбай Нарманов быйыл бири кем жүз жасты қарсыламақта. «9-май еслеў ҳәм қәдирлеў күни»  мүнәсибети менен Өзбекстан «Адолат» СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси  ағзалары нураний атаның шаңарағында болып, оны байрам мүнәсибети менен қутлықлады. Нураний ата оларға ақ пәтиясын берип, елимизде тынышлық болыўын тиледи.


А. Есемуратова, Өзбекстан “Адолат” СДП

Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баспасөз хаткери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги