Усы жыл 16-17-май күнлери «Өзметкомбинат» акционерлик жәмийетинде “INNOMET.UZ – 2024” халықаралық илимий-әмелий конференциясы болып өтеди.

Бул конференцияда жергиликли ҳәм сырт ел илимпазлары, қәнигелер ҳәм кең жәмийетшилик ўәкилликлери қатнасады.

«Өзметкомбинат» акционерлик жәмийети мәлимлеме хызмети басшысы Сарбиназ Шералиеваның айтып өткениндей, бул халықаралық конференция металлургия санаатының гүллениўинде зәрүр болып, онда қатнасыўшылар өзлериниң изертлеў нәтийжелерин, илимий пикирлери ҳәм шешимлерин айтып өтеди.

-Бул үлкен халықаралық илаж «Өзметкомбинат» акционерлик жәмийетиниң 80 жыллығы мүнәсибети менен шөлкемлестирилмекте. Сондай-ақ, онда қатнасыўшылар металлургиядағы инновациялық технологиялар, энергия ресурсларын үнемлеўши технологиялар ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, металлургия өндирисинде санластырыў, экономикалық ҳәм қаржыландырыў шешимлери сыяқлы темаларда өз-ара байланысқа кириседи ҳәм илажлар өткереди. Конференцияға металлургия тараўындағы көплеп сырт ел қәнигелери, сондай-ақ металлургия бағдарындағы жоқары оқыў орынлары ўәкиллери мирәт етилген. Конференция жуўмағы тийкарында илимий мақала ҳәм тезислер топламы басылып шығылады,- деди С. Шералиева

Усы илимий-әмелий конференция шеңберинде мийманлар комбинаттың өндирислик жумыслары менен танысады

                                                                                      ӨзА