Қрым-Конго геморрагиялық ысытпа ѳткир жуқпалы кеселлик болып, қарамал ҳәм қой-ешкилерде көплеп ушырасады. Кенелер геморрагиялық ысытпа кеселлиги вирусын тасыӯшы болып есапланады. Қоян, кирпитикен, үлкен қум тышқан сыяқлы майда омыртқалыларда, қарамал, жанлық, ат, ҳәм басқа ҳайўанлар, страус қуслары арасында кеңнен тарқалған. Кенелер вирусты организминде сақлап турады, әўладларына өткереди ҳәм адамларға да жуқтырады. Кеселликтиң раўажланыў қәўипи бәҳәр-жаз айларында күшли болады.

– Адамларды кене шаққанда, маллар ҳәм қойлардағы кенелерди езип өлтириў, кенеден тазалаў, қойлардың жүнин қырқыў, Қрым-Конго геморрагиялық ысытпасы менен аўырған наўқасты күтип-қараў ҳәм медициналық жәрдем көрсетиў пайытында жуғыўы мүмкин,-дейди Нөкис қалалық Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлиминиң врач-эпидемиологи Айгүл Артықбаева.

Бул кеселлик көбинесе шөл зонасы менен байланыслы болған бир қатар кәсип ийелеринде, үйлеринде мал сақлайтуғын адамларда апрель-июль айлары аралығында дизимге алынады. Кеселликти анықлаўда соңғы 2 ҳәпте ишинде кене шағыў яки оны езип өлтириў, кеселлик тасыўшы ҳайўанды сойыў, бағыў менен шуғылланыў фактлерин анықлаў оғада әҳмийетли болып табылады.

Кеселликтиң жасырын дәўири 1-14 (орташа 3-4) күн даўам етеди ҳәм улыўма интоксикация белгилери менен бирден өткир басланады. Дене ыссылығы көтериледи, күшли бас аўырыў, булшық етлер, қарын аўырыўы, кеўил айныўы, қусық, иштейдиң жоқлығы белгилери пайда болыўы, наўқастың бети, мойыны, көзлери қызарыўы, денеге аспи тасыўы, бет әлпети исиклеў болып көриниўи мумкин. Кеселликтиң 5-7 күнлерине барып дене температурасының түсиўи де бақланады. Мурын, асқазан, ишек, десна, жатыр ҳәм басқа ағзалардан қан кетиўи, кеселлик аўыр өткен жағдайларда қан кетиў нәтийжесинде өлим менен тамамланыўы мүмкин.

Кене шақса ямаса жоқарыдағы белгилер бақланса кеселликтиң алдын алыў ушын тез шыпакерге мүрәжат етиң болмаса бул  кеселлик күшейип кетиўи мүмкин.

                                                                                                                               А.Оразбаева,

                                            ҚМУ журналистика тәлим бағдарының 1- курс студенти.

                                                                              Қарақалпақстан хабар агентлиги