Бүгин, 8-май күни Пекин қаласында Өзбекстан Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм Қытай Пуқаралық ислери министрлиги делегациялары арасында әҳмийетли ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда агентлик директоры Мансурбек Оллоёров жалғыз кекселер ушын мобиль хызметлерди шөлкемлетириў, мәҳәлле дәрежесинде хызметлерди раўажландырыў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаўды санластырыў бойынша бирге ислесиўди баслаўды усыныс етти.

Агентлик директорыныӊ биринши орынбасары Шаҳноза Мирзиёева мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар раўажланып атырғанын айрықша атап өтип, балалар ҳәм имканияты шекленген шахсларды социаллық қорғаў тараўында өз-ара тәжирийбе алмасыўдан мәпдар екенин билдирди.

Жуўмағында Өзбектан ҳәм Қытай арасында социаллық қорғаў тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған өз-ара келисим меморандумына қол қойылды.

Сондай-ақ, Қытай тәрепи 2025-жылы Самарқанд қаласында болып өтетуғын «Социаллық қорғаў: Турақлы раўажланыў ҳәм теӊликке қарай жол» темасындағы Пүткил жер жүзилик конференциясында қатнасыўға мирәт етилди.

ӨзА