Бажыхана уйымлары тәрепинен республикамыз аймағында товарлардың нызамсыз айланысының алдын алыў бағдарында кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, Қарақалпақтан Республикасы бажыхана басқармасы «Даўыт ата» шегара бажыхана посты арқалы қоңсылас Қазақстан Республикасынан елимизге кирип келген пуқаралар М.Д., С.Э., Б.И., С.К., К.С. ҳәм Н.М. басқарыўындағы «Mercedes Benz», «DAF» маркалы жүк автомашиналары постта орнатылған инспекциялық-тексериў комплекси жәрдеминде сканерлегенинде, автотранспорт қуралларында гүманлы бир түр ҳәм көлемдеги затлардың бар екенлиги анықланды.

Нәтийжеде ҳүжжетлерде көрсетилмеген, бажыхана хызметкериниң аўызеки сораўында айтылмаған, дәслепки сораўға қарағанда баҳасы 184 миллион сумлық жүк автомашиналарының 66 дана гильзасын Россия Федерациясынан алып киятырғаны мәлим болды.

Ҳәзир усы жағдай бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен сорастырыў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги