Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Хожели районы ҳәм Нөкис қаласы бөлимлери ҳәм басқа да ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте өткерилген оператив илаж нәтийжесинде айдаўшылық гүўалығын алып бериўди ўәде еткен пуқаралардың нийетлери иске аспады.

Атап айтқанда, Департаменттиң Хожели районы бөлими тәрепинен Ишки ислер министрлиги хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илаж даўамында «Ватанпарпар» шөлкеминиң Хожели районы кеңесиниң үйретиўши устасы Г.У. ҳәм пуқара Ю.Б.лар пуқара С.ға айдаўшылық гүўалығын алып бериўди ўәде етип, оннан 1,9 миллион сум алған ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланды.

Сондай-ақ, Департаменттиң Нөкис қаласы бөлими тәрепинен МҚХ ҳәм Ишки ислер министрлиги менен биргеликте өткерилген оператив илаж даўамында, пуқара Қ.А. пуқара А.ға Қарақалпақстан Республикасы Республикасы Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасында ислеўши таныслары арқалы айдаўшылық гүўалығын алып бериўди ўәде еткен. Усы ўәде бойынша пуқарадан 3 миллион сумды алдаўшылық жолы менен алған ўақытта айғақлы дәлиллер менен усланды.

Бул жағдайлар бойынша  Жынаят кодексиниң 168-статьясы (алдаўшылық) ҳәм 28, 211-статьялары (пара бериў) менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги