Бүгинги күни мәмлекетимизде шарўашылық тараўын раўажландырыў бағдарындағы жедел реформалар, әмелге асырылып атырған ҳәм режелестирилген жаӊа жойбарлар шарўашылық тараўы ҳәм оныӊ тармақларын және де раўажландырыў ушын кеӊ имканият жаратып бермекте. Бул бойынша мәмлекетимиз басшысы тәрепинен бир қанша Пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, олардыӊ орынланыўы тәмийинленбекте.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикаси Президентиниӊ  2022-жыл 8- февральдағы  «Өзбекстан Республикасында шарўашылық тараўы ҳәм оныӊ тармақларын раўажландырыў бойынша 2022-2026-жылларға мөлшерленген бағдарламаны тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарында бул тараў ҳәм оныӊ тармақларын раўажландырыў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилди.

Бул ўазыйпалар тараў ўәкиллерине үлкен жуўапкершилик жүклеп, олардан жаӊа басламаларды талап етеди. Әлбетте, усы жерде  ветеринария ҳәм шарўашылық тараўында жас ҳәм маман қәнигелерди  таярлаўды өз алдына мақсет етип қойған жоқары оқыў орны сыпатында усы қарардыӊ әҳмийетин профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлерге кеӊ түсиндириў мақсетке муўапық болады деп ойлайман. Қарарда 2022-2026-жылларға мөлшерленген бағдарлама “Жол картасы” арқалы басқышпа-басқыш әмелге асырылыўы белгилеп берилди. Халықты шарўашылық өнимлери менен турақлы тәмийинлеў, сапасын қадағалаўды күшейтиў, экспортқа бағдарланған бәсекилес өнимлерди ислеп шығарыў көлемин арттырыў, жер ҳәм суў ресурсларынан өнимли пайдаланыў илажларын көриў,  шарўашылық тараўында инфраструктура хызметлерин кеӊейтиў, шарўашылық ҳәм оныӊ тармақларында илимий-изертлеў, билимлендириў ҳәм мәсләҳәт хызметлерин кеӊейтиў менен байланыслы интеграцияланған билим ҳәм мағлыўматларды тарқатыўдыӊ нәтийжели формаларын енгизиў есабынан илим, билимлендириў, мәлимлеме ҳәм мәсләҳәт хызметлери системасын жетилистириў, бул тараўға заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизиў сыяқлы ўазыйпалар бағдарламаны әмелге асырыўдыӊ баслы ўазыйпасы сыпатында белгилеп берилди.

Бул баслы бағдарларда шарўашылық тараўын избе-из раўажландырыў бойынша зәрүрли болған комплексли илажлар көрсетип өтилген. Атап айтқанда, бағдарламада 2026-жылға шекем сүт өнимлерин ислеп шығарыў көлемин 11,5 млн тоннадан 22 млн тоннаға, халықтыӊ жан басына болса 336 кгдан 560 кг ға, қарамал гөшин ислеп шығарыў (тирилей салмақта), 1 980 мыӊ тоннадан 2 864 мыӊ тоннаға, қой ҳәм ешки гөшин – 400 мыӊ тоннадан 650 мыӊ тоннаға халықтыӊ жан басына болса 47,5 кгдан 69,4 кг ға жеткерилиўи режелестирилген. Сондай-ақ, от-жем базасын беккемлеўге айрықша итибар қаратылған ҳалда, тийкарғы азықлық егинлер зүрәәтлилигин арттырыў илажлары көрсетилген. Жасалма ҳасылландырыўды системалы жолға қойыў бойынша да ўазыйпалар белгиленген.

Бағдарламада белгиленген әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде 2022-жылда  Жәҳән банкиниӊ 300 миллион АҚШ доллары муғдарындағы кредит қаржыларын енгизиў илажлары көриледи. Бул болса, келешекте Өзбекстан Республикасыныӊ шарўашылық өнимлерин экспорт етиў потенциалын раўажландырыўға ҳәм өз-өзин тәмийинлеўге имканият жаратып береди. Сондай-ақ, қарарда Ветеринария ҳәм шарўашылық тараўын раўажландырыўда өзиниӊ салмақлы үлесин қосқан хызметкерлердиӊ мийнетин мүнәсип сыйлықлаў ҳәм оларды раўажландырыў мақсетинде “Ветеринария пидайысы” ҳәм “Шарўашылық пидәкәри» көкирек белгилерин бериў де белгиленди.

Бағдарламаны системалы әмелге асырыў ҳәм кеӊнен енгизиў арқалы, мәмлекетимизде шарўашылық тараўы ҳәм оныӊ тармақларын және де раўажландырыў, базарларды арзан ҳәм сапалы шарўашылық өнимлери менен толтырып, халықты бундай өнимлери менен тәмийинлеў, от-жем базасын беккемлеў ҳәм бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыўға кеӊ имканият жаратып береди.  2022-2026-жылларға мөлшерленген бағдарлама шарўашылық тараўы ҳәм оны жедел раўажландырыўға хызмет ететуғын әҳмийетли ҳүжжет есапланады. Бизлер болсақ тараўды раўажаландырыўға байланыслы мине усындай әҳмийетли қарарлар орынланыўын тәмийинлеўде өзимизди жуўапкер деп билип, барлық ис-ҳәрекетлеримизди бағдарламада белгиленген ўазыйпаларға жумсаўымыз керек. Себеби, буныӊ тийкарында  халқымыздыӊ шарўашылық өнимлерине болған талабын толық қанаатландырыў ушын ишки базарды арзан ҳәм сапалы азық-аўқат ҳәм шарўашылық өнимлери менен толтырыў арқалы олардыӊ келисимин алыў сыяқлы ийгиликли мақсетлер жәмленген.

Адилбай Есимбетов,

Самарқанд ветеринария медицина институти

Нөкис филиалы директоры, биология илимлери докторы, доцент.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги