Жоқары билимлендириў министрлигиниң мағлыўматларына бола, Өзбекстандағы университетлердиң дерлик ярымы Ташкент қаласында жайласқан.

Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде 159 жоқары оқыў орны жумыс ислемекте, соннан 72 си Ташкент қаласында, 87 си ўәлаятларда жайласқан.

Университетлердиң улыўма санынан:

28 – университет;

47 – институтлар;

3 – академиялар;

1 – консерватория;

26 – филиаллар;

30 – сырт ел университетлери ҳәм олардың филиаллары;

24 – мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў мәкемелери.

53 жоқары оқыў орны тиккелей Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигине бириктирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги