Бүгин, 14-февраль күни пайтахтымыз Нөкис қаласындағы Жаслар орайында Жаслар ислери агентлиги Нөкис қалалық бөлими аппарат хызметкерлери және пайтахтымыздағы 64 мәкан пуқаралар жыйынларында жумыс ислеп атырған жаслар жетекшилери қатнасыўында мәжилис өткерилди.

Мәжилисте Жаслар ислери агентлиги Нөкис қалалық бөлими баслығы лаўазымына Аметов Мирбек Мақсетбаевич тайынланды, деп хабар берди Жаслар ислери агентлиги ҚР басқармасы мәлимлеме хызмети.

Мағлыўмат ушын, М.Аметов усы күнге шекем Жаслар ислери агентлиги Нөкис районлық бөлими баслығы лаўазымында жумыс алып барған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.