Президент Шавкат Мирзиёев 9-декабрь күни Самарқанд ўәлаятында әмелге асырылатуғын жойбарлардың презентациясы менен танысты.

Бул жойбарлар Самарқандты заманагөй қалаға айландырыў, халық, исбилерменлер ҳәм инвесторлар ушын қолайлықларды арттырыў, туризмниң раўажланыўы ушын шараятларды жақсылаўға қаратылған.

Бизге белгили, жақын жылларда Самарқанд жасаў ушын қолайлы «миллионлы қала»ға айландырылады. Буның ушын қаланың қурамына қоңсылас районлардан белгили бир аймақлар қосылады. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм ҳәкимшилик хызметлер тарийхый орайдан басқа орынға көшириледи. 2 туннель ҳәм 2 көпир қурылады.

Самарқандтың тийкарғы драйверлеринен бири болған туризм тараўында 40 мың адамның бәнтлигин тәмийинлеў режелестирилген. Буның ушын ўәлаятты елимиздиң «Туризм дәрўазасы»на айландырыў арқалы келеси бес жылда туристлик хызметлердиң көлемин 10 есеге арттырыў мөлшерленген. Соның ишинде, 600 ден аслам жаңа мийманхана ҳәм шаңарақлық мийман үйлери шөлкемлестириледи.

Бул тараўдағы ең үлкен жойбар Самарқанд бизнес ҳәм туризм орайы болып есапланады. 212 гектар майданда қурылып атырған бул жерде халықаралық конгресс орайы, «Мәңги қала» кәрўан сарай комплекси, 8 мийманхана, дем алыў ҳәм кеўилашар объектлер, өнерментшилик орайы, жасалма суў бассейнлери болады. Бул жерде 5 мыңнан аслам жаслардың бәнтлиги тәмийинленеди.

Улыўма етип айтқанда, ўәлаятқа келетуғын сырт елли туристлердиң санын жылына 5 миллионға жеткериў мақсет етилген.

Презентацияда бул жойбарлардың әмелий тәреплери, режедеги имаратларды заманагөй ҳәм сапалы етип қурыў илажлары додаланды.

ӨзА