Елимизде ҳәр жылы 9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» сыпатында белгиленип,  усы  күни қойымшылықларды зыярат етиў, ўатан тынышлығы ушын хызмет еткен пидайы инсанлардың  жағдайларынан хабар алыў жақсы жолға қойылып келинбекте.

Усы мүнәсибет пенен Тақыятас районында  «Нураний» қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Т.Абдижаппаров, Тахыятас районы ҳәкими Д.Қурбанов, райондағы әскерий бөлим командири М.Рахимов, районлық ИИБ баслығы И.Салиевлар райондағы «Сарайкөл» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы 100 жасты қарсы алған, екинши жер жүзилик урыс дәўиринде фронт артында хызмет еткен С.Агаевтың шаңарағына барып, оның жағдайынан хабар алды. Нураний атаға  Президентимиз тәрепинен ажыратылған ақшалай сыйлық тапсырылды.

Нураный ата оларға ақ пәтиясын берип, жаслардың  келешегине табыслар тилеп, елимизде бәрқулла тынышлық болыўына тилеклеслик билдирди.

Г. Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги