Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиӊ Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) менен биргеликте әмелге асырылып атырған «Өзбекстанда азық-аўқат системаларыныӊ жерден пайдаланыў ҳәм қайта тиклеўге тәсирин баҳалаў бағдарламасы» жойбары шеӊберинде биологиялық көп түрлиликти көбейтиў ҳәм глобал қоршаған орталық ушын ислеп шығарыў ландшафталарында экосистемаларды сақлаў ҳәм тиклеў мақсетинде баҳасы 1,1 млн. АҚШ доллары муғдарындағы келисимге қол қойылды.

Усы келисим арқалы мәмлекет бойынша сайлап алынған аймақларда суўғарылатуғын ҳәм суўғарылмайтуғын жер майданларыныӊ ландшафтында турақлы азық-аўқат ислеп шығарыў ушын алдынғы ҳәм турақлы технологияларды енгизиў нәзерде тутылмақта. Сондай-ақ, биологиялық көп түрлиликти сақлаў ҳәм жақсылаў бойынша да олардан ақылға уғрас пайдаланыў ушын нәтийжели басқарыў әмелиятлары майданыныӊ 50 000 гектарға жеткерилиўи белгиленбекте.

Ислеп шығарыў ландшафтларында экосистемаларды сақлаў ҳәм тиклеў, аўыл хожалығын теӊ түрде қоллап-қуўатлаў арқалы Глобал қоршаған орталықтыӊ жақсыланыўы нәзерде тутылмақта. Сондай-ақ, бул тараўда ерисилген еӊ жақсы әмелият ҳәм жаратылған инновациялар кеӊнен үгит-нәсиятланады.

Ҳүкимет тәрепинен пайда болған талапларды қанаатландырыў мақсетинде жарамлылық таллаўы көзқарасы ҳәм нормалары тийкарында жерден пайдаланыў бойынша эксклюзив, гендерге байланыслы усыныслар бериледи. Соӊғы нәтийжеде аўыл хожалығы егинлеринен ҳәм жерден пайдалыныўда диверсификациялаўда турақлы экосистемалар ушын тийкар жаратылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги