Кегейли районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 5-санлы  улыўма орта билим бериў мектебинде Өзбекстан қаҳарманлары шайыр Ибрайым Юсупов ҳәм жазыўшы Төлепберген Қайыпбергеновлардың туўылғанына 95 жыл толыўы мүнәсибети менен «Сөнбес жулдызлар» атамасында әдебий кеше өткерилди.

Онда мектеп директоры Гәўҳар Қәллибекова, директор орынбасары Зухра Жумамуратовалар шығып сөйлеп, Ибрайым Юсупов ҳәм жазыўшы Төлепберген Қайыпбергеновлар шығармаларының жас әўладты тәрбиялаўдағы орны ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде айтып өтти.

Кеше даўамында мектеп оқыўшылары тәрепинен халқымыздың сүйикли дөретиўшилериниң шығармалары тийкарында таярланған сахналық көринислер ҳәм миллий аяқ ойынлар кеше қатнасыўшыларына руўхый заўық бағышлады.

-Өткерилип атырған бул кешеде оқыўшыларымыз Ибрайым Юсуповтың қосықларын оқып, Төлепберген Қайыпбергенов шығармаларынан үзиндилер көрсетти,-дейди мектептиң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими Айпатша Сапарова.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги