Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2023-жыл 24-майдағы “Ҳәкимшилик реформалар шеӊберинде санлы технологиялар тараўында мәмлекетлик басқарыўды нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы пәрманыныӊ 8-бәнти тийкарында Санлы технологиялар министрлиги ҳәм кеӊ жәмийетшиликтиӊ усынысы мақулланып, 7-май сәнеси мәмлекетимизде Өзбекстан Республикасы мәлимлеме- коммуникация технологиялары тараўы хызметкерлери күни деп белгиленди. Байрам қарсаӊында “Өзбектелеком” акционерлик компаниясы Қарақалпақстан Республикасы филиалыныӊ директоры, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен байланыс хызметкери Қайрат Таженов пенен ушырасып, өзимизди қызықтырған бир қатар сораўларға жуўап алдық.
Быйылғы жылдыӊ өткен айлары даўамында жәмәәтиӊиз тәрепинен әмелге асырылған жумысларға тоқтап өтсеӊиз?
– Соӊғы жыллары мәмлекетимизде халқымыздыӊ мәлимлеме-коммуникация технологиялары хызметлерине болған талабы артып бармақта. Сонлықтанда Президентимиз бул тараўға айрықша итибар қаратып, халыққа сапалы хызмет көрсетиў бағдарында кеӊ көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Усындай айрықша итибар нәтийжесинде барлық тараўлар санластырылып, жедел пәтлер менен раўажланбақта.
Әмелге асырылған жумысларға тоқтап өтетуғын болсақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 5-сентябрьдеги “Халық билимлендириўи тараўына басқарыўдыӊ жаӊа принциплерин енгизиў илажлары ҳаққында”ғы қарарына тийкарланып Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигине қараслы 774 улыўма билим бериў мектебин жоқары тезликтеги интернет тармағына жалғаў тапсырмасы берилген еди. Соннан бүгинги күнде 772 мектепке 1721 километрден аслам оптикалық талшықлы байланыс кабели тартылды. Нәтийжеде бул мектеплер жоқары тезликтеги интернет тармағына жалғанды. Сондай-ақ алыс аймақта жайласқан 2 мектепке спутник арқалы телекоммуникация хызметлерин көрсетиў жумыслары әмелге асырылды.
Соныӊ менен бирге, усы министрликке қараслы 471 балалар бақшасына 284 километр, республикамыздағы 255 денсаўлықты сақлаў мәкемесине 150 километр оптикалық кабель тартылып, жоқары тезликтеги интернет тармағына жалғанды. Буннан тысқары бүгинги күни пуқаралар жыйынларына да оптикалық кабель тартыў жумыслары басланып, республикамыз бойынша 443 пуқаралар жыйынына 141 километр, 283 милиция таяныш пунктине 60 километр оптикалық кабель тартылды. Жоқарыда атап өтилген министрликлерге қараслы 2224 инфраструктура объектине 2356 километрден артық оптикалық кабельлер тартылып, жоқары тезликтеги интернет тармағына жалғанды.
-Филиал тәрепинен телекоммуникация тармақларын кеңейтиў бағдарында әмелге асырылған жумысларға да тоқтап өтсеӊиз?
-Соӊғы жыллары кең полосалы телекоммуникация тармақларын кеңейтиў мақсетинде шийше талшықлы байланыс кабельлерин тартыў жумыслары әмелге асырылмақта. 2023-жыл даўамында республикамыздыӊ аймағын телекоммуникация тармақлары менен қамтып алыў мақсетинде 5027 километр шийше талшықлы байланыс кабели тартылып, жәми шийше талшықлы байланыс кабельлериниӊ узынлығы 2023-жылы 16 мыӊ 177 километрди қурады. 2024-жылдың ақырына шекем шийше талшықлы байланыс линиясын 4980 километрге кеңейтиў ҳәм 21 мыӊ 157 километрге жеткериў режелестирилген.
Бүгинги күнде филиал тәрепинен республикамыз бойынша 273 мың абонентке мөлшерленген 313 электрон автомат телефон станциясы арқалы 133 мыңнан артық хожалыққа телефон, интернет ҳәм IPTV хызмети көрсетип келинбекте. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 19-ноябрьдеги “Өзбекстан Республикасы телекоммуникация инфраструктурасын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары бойынша кең полосалы тармақ сыйымлылығын 284,9 мың портқа жеткериў режелестирилген болып, бүгинги кунде бул көрсеткиш толық орынланды.
-Тараўға инвестицияларды тартыў, сырт мәмлекетлер менен бирге ислесиў бағдарында қандай жумыслар әмелге асырылмақта?
–Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Өзбекстан Республикасының инвестиция бағдарламасын әмелге асырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында “Кең полосалы интернет тармақларын раўажландырыў” ҳәм “NGN технологиясынан пайдаланған ҳалда коммутация қурылмаларын кеңейтиў” жойбарларын әмелге асырыў мақсетинде зәрүр қурылмаларды сатып алыў ушын Қытай Халық Республикасының “HUAWEI” ҳәм “ZTE” компаниялары менен шәртнамаларға қол қойылып, инвестиция бағдарламасына киргизилди.
Усы тийкарда республикамыз бойынша “HUAWEI” ҳәм “ZTE” компанияларының 16 миллиард сумлық заманагөй түрдеги 53 мыӊ 920 интернет портқа мөлшерленген 149 дана MSAN (эмсан) қурылмалары иске түсирилди. Нәтийжеде 1999-жылы орнатылған Япония мәмлекетинде ислеп шығарылған, NEAX-61E маркалы телефон станцияларын жаңа заманагөй түрдеги MSAN қурылмаларына толық түрде модернизациялаў жумыслары әмелге асырылды.
MSAN қурылмаларвн орнатыў ҳәм иске қосыў ушын заманагөй типтеги 416 миллион сумлық 80 километр шийше талшықлы (оптикалық) байланыс кабельлерин тартыў режелестирилген болып, бүгинги күнде реже толығы менен орынланды. Тармағымыз NGN технологиясы бойынша 53920 портқа кеңейтилди.
-Тараўда буннан тысқары қандай жумыслар әмелге асырылмақта?
-Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 5-октябрьдеги “Санлы Өзбекстан-2030” стратегиясын тастыйықлаў ҳәм оны нәтийжели әмелге асырыў ҳаққында”ғы пәрманы тийкарында республикамыздың қала ҳәм район аймақларындағы телекоммуникация хызметлери менен тәмийинленбеген жерлерге телекоммуникация хызметин көрсетиў мақсетинде филиал тәрепинен GPON технологиясы тийкарында “HUAWEI” ҳәм “ZTE” компанияларының 15 миллиард сумлық инвестициясы киргизилди. Усыныӊ нәтийжесинде қала ҳәм районларымызға 135 мыӊ 152 интернет портқа мөлшерленген 111 дана OLT станциясы орнатылды. Бул станцияларға қурылмаларды орнатыў ҳәм иске қосыў ушын 1600 километр узынлықтағы шийше талшықлы (оптикалық) байланыс кабелин тартыў жумыслары әмелге асырылды.
Бүгинги күнде республикамыз бойынша туристлик әҳмийети жоқары, ески тарийхқа ийе, сондай ақ көпшилик жыйналатуғын орынларда 191 дана Wi-Fi аймағы шөлкемлестирилди. Жыл ақырына шекем олардыӊ санын 353 ке жеткериў режелестирилген. Республика аймағындағы 1166 жаңа елатлы пункттен бүгинги күнде 962 елатлы пунктке шийше талшықлы байланыс кабели тартылып, заманагөй телекоммуникация хызметлерин ен жайдырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Бул жумысларды быйыл толық жуўмақлаў режелестирилген.
-Халқымызға байрам тилеклериӊиз?
-Пүткил халқымызды, тараў пидайылары ҳәм ветеранларымызды 7-май Өзбекстан Республикасы мәлимлеме- коммуникация технологиялары тараўы хызметкерлери күни менен қутлықлайман. Олардыӊ машақатлы жумысларында тасқын табыслар тилеймен.
Сәўбетлескен: Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниӊ шолыўшысы.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтыӊ түсирген сүўретлери