Бүгинги күнде Қарақалпақстанның Нөкис қаласы, Хожели, Тақыятас, Қоңырат, Мойнақ, Беруний районларында ураллы казак – старообрядшылар жасап келмекте. Ал, Судочье көли жағалығындағы Үрге деп аталатуғын ески балықшылар аўылында Жайық казакларының қәбирстаны бар. Хош, олар Қубла Аралбойына қалай келип қалған?

Тарийхшы илимпаз Евдокия Калбанованың илимий мийнетлеринде көрсетилиўинше, 1874-жылы Патша Россиясы императоры Александр II Жайық (Урал) дәрьясы бойында жасайтуғын казаклардың социаллық-экономикалық жағдайын аўырластырыўшы пәрман қабыл етеди. Оған бола, Жайық казакларының ҳәр бири әскерий хызметке шақырылыўы ҳәм әскер казаклар ҳәмийше жаңа үлгидеги қурал-жараққа ийе болыўы, жаўынгер атлар менен әскерий кийимде жүриўи нәзерде тутылған еди.

Әўелден-ақ, өз еркинлиги жолында қайсарлығы менен қарсылық көрсетип келген казаклар жаңа тәртипке бойсыныўдан бас тартты. Балықшылық ҳәм аңшылық пенен еркин жасаўға үйренген казаклардың жаңа тәртипти қабыл етиўи қыйын еди. Себеби, патшалық тәрепинен жеңилликлер берилиўине қарамастан, өзлерин қурал-жарақ, кийимлер менен тәмийинлеў машаққатқа айланды, жаўынгер атларды болса, күнделикли хызметке жумсаў мүмкин емес. Ең жаманы – ҳәр жылы жазда әскерий хызметке шақырыў мәжбүрий етип белгилингени болды. Жаз мәўсими балықшылықтың әйне қызыйтуғын ўақты. Әлбетте, бундай ўақытта мийнетке жарамлы ер адамлардың әскерий хызметке мәжбүрий алып кетилиўине шыдаў қыйын.

Қанша урынбасын Патша Россиясы императоры ўәкиллери казакларды жаңа тәртипке көндире алмайды, оларды сиясатқа қарсы шыққанлықта айыплап, көпшилигин Сибирге қуўады, өлим жазасына буйырады ҳәм қалғанларын Орта Азияға көширеди. Ең дәслеп ер адамлар (көпшилиги ғаррылар) шаңарағынан айырып алып кетиледи. Түркстан үлкесиниң Әмиўдәрья бөлимине (ҳәзирги Қарақалпақстанға) 1875-жылы Қазалы қаласынан кемелерде Арал теңизи арқалы 667 ер адам (кейин ала 313 ҳаял-қыз, 560 ер адам) алып келинеди. Жолда Патша Россиясы императорының сиясатына қарсы болған қаншадан-қанша адам өзлерин суўға таслап, шөгип кетеди.

Алып келинген урал казаклары дәслеп Петро-Александровск (ҳәзирги Төрткүл) қаласына 19 км жақын жердеги “Первоначальный” поселкасына жайластырылады. Соң, Шымбай, Шаббаз (ҳәзирги Беруний районы), Петро-Александровск, Қоңырат, Мойнақ ҳәм Нөкиске бөлип жибериледи.

Таза мәканға казаклар тез қолайласып, Әмиўдәрья дельтасында балықшылық ҳәм аңшылық пенен шуғылланады. Ҳәттеки, ҳүжжетлерде көрсетилиўинше, казаклар балық аўлаўды толық монополластырған. Навигацияны үйренип, казаклар Мойнақтан Чаржаўға балық, ун, керосин, қумшекер менен саўда-сатықты жолға қойған. Олар өз ана журты – Жайық (Урал) дәрьясы бойын умытпайды. Ҳәрдайым, өз ана журтына қайтыў үмити менен жасайды, бирақ, кейинирек, Александр III әпиў етип, әўелги тәртип бийкарланып, казакларға өз елине қайтыўға руқсат берген болса да, казаклардың көпшилик бөлеги Аралбойында турақлы жасап қалады. Себеби, Әмиўдәрьяның суўы мол, Арал теңизиниң толып-тасқан ўақтында балықшылық раўажланып, буның арқасында казаклар жаңа қонысқа баўыр басып қалады. Ҳәтте, олар жергиликли халық пенен жақсы тил табысып, олар менен биргеликте 1919-жылы большевиклерге қарсы казаклар атаманы Фильчев басшылығында қозғалаң көтереди. Себеби, жаңа орнаған Кеңес ҳүкимети де урал казаклары – староверлердиң динге сыйыныўшылығын қадаған етпекши болады. Әзелден өжет минези менен өзгешеленетуғын казаклар бул жолы да қайсарлық көрсетеди. Атаман Фильчев жергиликли халық ўәкиллери менен бирге ҳәзирги Қарақалпақстанның арқа районларын қамтып алған ҳалда Шымбай республикасын жәриялап, Кеңес ҳүкиметине әдеўир қарсылық көрсетеди. Солай етип, Кеңес Аўқамы дәўиринде де казаклар өз исенимлерин сақлап қалды.

Урал казаклары жергиликли халыққа балықшылық хожалығын жүргизиўди үйретеди. Қарақалпақлар әзелден дәрья ҳәм теңиз жағалап, балықшылық пенен шуғылланып келген болса да, балықты қайта ислеўди (қақлаў, консерва ислеў) казаклардан үйренген. Музлатқыш, ҳәтте электр тогы жоқ ўақытларда да, шолаңда балықты жыл даўамында музлатқан ҳалда сақлаў жергиликли халықты ҳайран қалдырғаны ҳақыйқат.

Тилекке қарсы, Арал теңизи жағалығынан шегиниўи менен казаклар 100 жыл даўамында жасап, өзлери абаданластырған мәканларын таслап кете баслаған. Теңизден айырылғаннан соң, казак – старообрядлардың бир бөлеги басқалар қатарлы Өзбекстанның суўы бар аймақларына, қалғанлары болса өзлериниң тарийхый ўатаны Жайық бойларына қарай көшип кетеди. Тек ғана санаўлы староверлер ғана Қарақалпақстанда турақлы жасап қалады. Себеби, олар бул елди өз ўатаны деп билген.

(Үргедеги Жайық казаклары қәбирстаны)


Есимқан Қанаатов
,

Филология илимлери бойынша доктор (PhD).