Усы жылдың 1-7-май күнлери аралығында Сурхандәрья ўәлаятының Байсун районында VII халықаралық «Байсун бәҳәри» фольклор фестивалы болып өтти.

Оған Тахтакөпир районлық Мәденият бөлиминиң «Мийрас» фольклор-этнографиялық халық ансамбли «Аўылда той» ҳәм қарақалпақ миллий ойынларынан дүзилген композициялары менен қатнасып, сыйлы 2-орынды ийеледи ҳәм 2 мың 500 долларлық ақшалық сыйлық пенен сыйлықланды.

Ансамбль ағзалары Тахтакөпир районлық Мәденият орайы алдында кең жәмийетшилик тәрепинен салтанатлы түрде күтип алынды.

Онда район ҳәкиминиң орынбасары Ш.Бектурғанов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, «Мийрас» фольклор-этнографиялық халық ансамбли жәмәәтин қолға киргизген жетискенлиги менен қутлықлап, олардың алдағы дөретиўшилик ислерине  табыслар тиледи.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги