Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында жоқары билимлендириў системасы бойынша презентацияда айтып өтилди.
Билимлендириў бәрқулла раўажланып, жаңаланып баратуғын процесс. Бул бағдардағы реформаларды жеделлестириў мақсетинде, мәмлекетимиз басшысының усы жылы 2-февральдағы қарарына тийкарланып, «Билимлендириў тараўында жойбарлар орайы» жойбарлаў офиси дүзилген еди. Өткен ўақыт даўамында бул офис тәрепинен министрликлер менен бирге оқыў процесслерин жаңа принциплер тийкарында шөлкемлестириў, кадрлар потенциалын арттырыў, билимлендириў хызметлериниң сапасын халықаралық стандартлар дәрежесине көтериў бойынша илажлар ҳәм перспективалы басламалар ислеп шығылды.
6-май күни Президенттиң қатнасыўында жоқары билимлендириў бағдарларын оптималластырыў, қабыллаў ҳәм маманлық системаларын жетилистириў бойынша усыныслар додаланды.
Бүгинги күнде бакалавриатта 306 бағдар, магистратурада 625 қәнигелик бар. Бирақ олардың айырымлары халықаралық стандартлар ҳәм заманагөй мийнет базарының талапларына сәйкес емес. Бул питкериўшилерде толық маманлық қәлиплесиўи ҳәм олардың жумысқа жайласыўында белгили бир қыйыншылықлар туўдырмақта.
Сол себепли билимлендириўдиң халықаралық классификациясы, алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында бакалавриат ҳәм магистратура бағдарларын қайта көрип шығыў ҳәм ҳәзирги ўақытта талап жоқары болған тараўларда жаңа бағдарлар ашыў бойынша усыныслар билдирилди.
Жоқары оқыў орынларында билимлендириў процесслерин санластырған ҳалда деканатлар ҳәм басқа да ҳәкимшилик структураларды оптималластырыў мәселеси де додаланды. Усы көзқарастан, 1-сентябрьге шекем оқыў процесслерин толық қайта көрип шығып, жаңа системаны енгизиў бойынша көрсетпе берилди.
Кейинги тийкарғы мәселе бул – жоқары билимлендириўге қабыллаў системасын және де әдалатлы етиў ҳәм мәмлекетлик грантларды қәбилетине қарай бағдарлаў. Ҳәзирги қабыллаў системасы, квоталардың бөлистирилиўи бәсекини толық тәмийинлемей атыр. Айырым абитуриентлер жоқары балл топласа да, тапсырған жоқары оқыў орнының квотасы санына қарап, оқыўға кире алмай қалыўы мүмкин.
Жаңа тәртипке бола, белгили бир бағдарға ажыратылған мәмлекетлик грант шеңберинде жоқары балл топлаған абитуриент, таңлаған жоқары билимлендириў мәкемесине қарамастан, мәмлекетлик грантқа усыныс етиледи. Яғный, жоқары балл алған жаслар оқыўға кирмей қалмайды.
Және бир жаңалық: енди мәмлекетлик грант 4 жылға бир студентке емес, ал ҳәр жылы жоқары баҳаларға ерискен студентлер арасында қайта бөлистириледи.
Мәмлекетимиз басшысы бул системаны әдил жолға қойыў, жасларға ҳәм ата-аналарға жеткериў зәрүр екенин атап өтти.
Маманлық талаплары бойынша да әҳмийетли мәселелер көп. Елимиздеги айырым нормалар халықаралық стандартларға ҳәм жумыс бериўшиниң талапларына толық сәйкес келмейди. Мийнет базарында 8 мыңға шамалас жумысшы кәсиптен 5 мыңнан асламы бойынша маманлық стандартлары ислеп шығылмаған. Барлары да анық ҳәм сапалы емес.
Сондай-ақ, маманлықты баҳалаў орайларында сертификатлаў жолға қойылмаған. Миллий маманлық системасына байланыслы процесс ҳәм ҳүжжетлер Электрон платформада жүргизилмейди.
Сол себепли Миллий маманлық системасын раўажландырыў институтын шөлкемлестирип, жумыс бериўшилер менен бирге маманлық талапларын толық ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.
– Бул халықтың бәнтлигине тиккелей байланыслы әҳмийетли мәселе. Соның ушын бул бағдарда нызамлар ислеп шығып, министрликлер ҳәм уйымлардың жуўапкершилигин белгилеў, орынланыўы үстинен қадағалаўды күшейтиў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.
Презентацияда инженерлик тараўдағы билимлендириўдиң сапасы да талланды.
Мәмлекетимизде жылына 3 мыңнан аслам санаат кәрханалары шөлкемлестирилип, 146 мың жумыс орны жаратылып атыр. Оларда жылына 25 мыңнан аслам инженер ҳәм технологларға мүтәжлик бар.
Бул бағдарда 33 мәмлекетлик жоқары оқыў орнында кадрлар таярланса да, билимлендириўдиң сапасы талап дәрежесинде емес. Алдынғы сырт ел университетлеринде әлле қашан тоқтатылған айырым пән ҳәм қәнигеликлер еле де оқытылмақта. Оқыў реже ҳәм бағдарламаларының дерлик ярымы мийнет базары ҳәм халықаралық стандартларға жуўап бермейди.
Жуўапкерлерге усы билимлендириў бағдарында кескин өзгерис ислеў бойынша көрсетпелер берилди.
ӨзА