Тақыятас районындағы  әскерий бөлимде «Ўатан уллы-хызмет муқаддес» сүрени астында «Үш әўлад ушырасыўы» болып өтти. Ушырасыўда  район ҳәкими Д.Қурбанов,  «Нураний»  қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Т.Абдижаббаров райондағы ел-журт арасында ҳүрмет итибарға ийе болған жасы үлкенлер, мийнет нуранийлары, мәҳәлле белсендилери ҳәм де жаслар қатнасты. Әскерий бөлимде көргизбелер шөлкемлестирилди.

Илажды район ҳәкими Д.Қурбанов кирис сөз бенен ашты.  Ушырасыўда сөзге шыққанлар Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў  ушын  қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында алып барылып атырған кең көлемли реформаларға тоқтап өтип, келешегимиз болған жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда жасы үлкен нуранийлардың орны айрықша екенлиги атап өтилди ҳәм  9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» мүнәсибети менен    илаж қатнасыўшыларын қутлықлады.

Илаж даўамында жасларды тәрбиялаўда пидәкерлик  пенен хызмет еткен  жасы үлкенлер менен әскерий хызметкерлерге саўғалар тапсырылды.  Буннан соң жыйналғанларға концерт бағдарламасы қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги