Камолов Нодирбек Шуҳрат улы Әмиўдәрья районы ҳәкиминиң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды. Бул ҳаққында «Amunews.uz» сайты хабар берди.

Н.Камолов 1993-жылы Әмиўдәрья районында туўылған. 2018-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң имарат ҳәм объектлер қурылысы қәнигелигин питкерген.

2018-2019-жылларда Әмиўдәрья районлық турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў бөлими бас қәнигеси, 2019-2021-жылларда Әмиўдәрья районы ҳәкимлигиниң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша бас қәнигеси ўазыйпаларында ислеген.

Усы лаўазымға тайынланғанға шекем Әмиўдәрья районлық абаданластырыў басқармасының баслығы лаўазымында жумыс ислеген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.