Қәдирли ўатанласлар!

Бәршемизге белгили, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 1992-жыл 14-октябрьдеги резолюциясына муўапық, ҳәр жыл 3-декабрь сәнеси пүткил дүньяда Халықаралық майыплар күни сыпатында белгиленип келмекте.

Буннан гөзленген тийкарғы мақсет ­ майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында қорғаў, олардың машқалаларына кең жәмийетшиликтиң итибарын қаратыўдан ибарат.

Жақсылық, меҳир-мириўбет, адамгершилик тымсалы болған бул әййямда мәмлекетимиздеги бир миллионға жақын имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған пуқараларымызға ҳүрмет-иззет ҳәм ең жақсы тилеклеримди билдиремен.

Меҳир-мүриўбетли ҳәм кеңпейил халқымыз әзел-әзелден жәрдемге мүтәж, имканияты шекленген инсанларға итибар ҳәм ғамқорлық көрсетиўди жәмийетте тынышлық, дослық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеўге хызмет ететуғын ең әҳмийетли қәдириятлардан бири сыпатында ҳүрметлеп келеди.

Мине усындай қайырлы дәстүрлеримизди бүгинги заман талаплары тийкарында раўажландырыў мақсетинде соңғы жылларда мәмлекетимизде имканияты шекленген пуқараларымызды қоллап-қуўатлаў, олар ушын зәрүр барлық шараятларды жаратыў бағдарындағы мәмлекетлик сиясат жаңа басқышқа көтерилмекте.

Буның тастыйығын «Майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилгени, мәмлекетимиз Майыплардың ҳуқықлары ҳаққындағы халықаралық конвенцияға қосылғаны, тараўда беккем нызамшылық базасы жаратылғаны мысалында көриў мүмкин.

Усы тийкарда имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахслардың жәмийеттеги бар имканиятлардан пайдаланыў, ҳәрекетлениў, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, бәнтлик, реабилитация, жәмийетлик-сиясий турмыста қатнасыў менен байланыслы ҳуқықлары тәмийинленбекте.

Бул бағдарда «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында Жаңа Өзбекстанда инклюзив раўажланыў, яғный, халықтың барлық қатламлары ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятларды тәмийинлеўге қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырғаны шешиўши роль ойнамақта.

Биз бул бағдарда майыплығы болған инсанлар ­ жәмийеттиң толық ҳуқықлы ағзалары, деген принципке әмел еткен ҳалда избе-из жумыс алып бармақтамыз.

Шынында да, биз қурып атырған жаңа, еркин ҳәм демократиялық мәмлекетте жәмийеттиң ҳәр бир ағзасы билим алыў, заманагөй кәсип-өнерлерди ийелеў, өз талант ҳәм қәбилетин жүзеге шығарыў, мийнет пенен бәнт болыў ушын зәрүр имканиятларға ийе болыўы шәрт.

Биз ушын майыплығы болған инсанларды жәмийетлик турмысымыздың барлық тараўларына тартыў тийкарғы бағдар есапланады. Жақында болып өткен Президент сайлаўында бул мәселелерге айрықша итибар қаратылып, майыплығы болған шахслардың сайлаў участкаларына келип-кетиўи ушын транспорт пенен тәмийинленгени, Брайль әлипбесинде сайлаў бюллетеньлери таярланғаны ҳәм сайлаў участкалары пандуслар менен үскенеленгени олардың жәмийетлик-сиясий процесслерде белсене қатнасыўын тәмийинлеў жолында шешиўши қәдем болғанын халықаралық ҳәм сырт елли бақлаўшылар да атап өтти.

Имканияты шекленген пуқаралар ушын жаратылып атырған шараятлар ҳаққында айтқанда, соңғы еки жылда пенсия ҳәм напақа алыўшы майыплығы болған шахслар саны 100 мыңға көбейип, олардың муғдары дерлик 2 есеге арттырылғанын атап өтиў лазым. Сондай-ақ, барлық аймақларда «Сақаўат ҳәм көмек» улыўмамиллий ҳәрекети шеңберинде ҳәм де «темир дәптер», «ҳаяллар дәптери» ҳәм «жаслар дәптери»не киргизилген имканияты шекленген ўатанласларымызға мәнзилли социаллық жәрдем көрсетиў системасы жолға қойылды.

Майыплығы болған шахсларды турмысқа бейимлестириў ҳәм социаллық реабилитация етиў бағдарында да үлкен ислер әмелге асырылмақта. Мәселен, кейинги жылларда 37 медициналық-социаллық мәкемелер реконструкция етилип, заманагөй талапларға сай болған 1,5 мың емлеў-реабилитация орынлары пайдаланыўға тапсырылды.

Мине усындай пуқараларымызға бийпул берилетуғын протез-ортопедия буйымлары ҳәм реабилитация техникалық қуралларының дизими 22 түрден 37 ге шекем көбейтилди. Атап айтқанда, быйылғы жылдың өзинде майыплығы болған балалардың турмыс сапасын жақсылаў мақсетинде олар бюджет қаржылары есабынан дерлик 40 миллиард сумлық протез-ортопедия ҳәм реабилитация масламалары, кохлеар имплантлар ҳәм басқа да арнаўлы буйымлар менен тәмийинленди.

Буннан тысқары, халық билимлендириўи системасында инклюзив тәлимди раўажландырыў бағдарламасын әмелге асырыў жумыслары басланды, 300 ден аслам мектеплерде имканияты шекленген балалардың билим алыўы ушын зәрүр шараятлар жаратылды.

Ҳақыйқый мәртлик ийеси болған майып жигит-қызларымыздың жәҳән ареналарында жоқары нәтийжелерди қолға киргизип, Ўатанымыз байрағын бәлент көтерип киятырғаны бәршемизге шексиз мақтаныш бағышлайды. Атап айтқанда, усы жыл Токиода өткерилген Паралимпия ойынларында Өзбекстан ўәғкиллери 8 алтын, 5 гүмис ҳәм 6 қола медальларын қолға киргизгени ҳәр қандай мақтаўға ҳәм алғысларға мүнәсип.

Соны атап өтиў керек, 3-декабрь сәнеси пүткил дүньяда паралимпияшыларды көтермелейтуғын әййямға айланып бармақта. Соның ушын да күш-ғайратлы паралимпияшы спортшыларымызды және бир мәрте шын кеўилден қутлықлап, оларға халықаралық ареналарда жоқары шоққыларды ийелеўде жаңа табыслар тилеп қаламан.

Турмыстың басқа тараўларында да жоқары шеклерди ийелеўге уқыплы болған жасларымыз өз қәбилет ҳәм имканиятларын толық көрсетиўи, турмыста өзинин мүнәсип орнын табыўына көмеклесиў ­ буннан былай да биз ушын тийкарғы ўазыйпа болып қалады. Усы мақсетте ҳәм де майыплығы болған шахслар өзлерин жәмийеттиң ажыралмас бөлеги сыпатында сезинип жасаўы ушын оларға қосымша шараятларды жаратыўға қаратылған өз алдына бағдарлама қабыл етип, оны әлбетте, әмелге асырамыз.

Бул бағдарламаның мазмун-әҳмийети Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Турақлы раўажланыў мақсетлери менен үнлес болып, онда майыплықты белгилеўде медициналық қатнастан социаллық қатнасқа өтиў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленеди.

Енди майыплығы болған шахслар ­ «машқаласы бар инсанлар» деген көзқарастан ўаз кешип, олардың имканиятын кеңейтиў ушын, дәслеп, социал-экономикалық системаны жетилистириў жолынан барыўымыз зәрүр.

Соның ушын бағдарламада төмендеги мәселелерге айрықша итибар қаратылады.

Бириншиден, майыплығы болған жасларға барлық дәрежеде сапалы тәлим алыўы ушын тең имканиятлар жаратылады.

Атап айтқанда, келеси оқыў жылынан баслап айрықша тәлим алыўға мүтәжлиги бар балалардың 24 проценти, 2025-жылда болса 40 проценти әпиўайы мектеплерде оқыўы ушын барлық шараятлар жаратылады. Сондай-ақ, инклюзив тәлимниң ресурс орайларының саны 14 есеге көбейип, 200 ден асады.

Екиншиден, майыплығы болған шахсларды кәсип-өнерге оқытыў ҳәм улар ушын мүнәсип жумыс орынларын жаратыў арқалы олардың дәраматын көбейтиўге қаратылған ис-илажлар және де күшейтиледи. Бул бағдарда оларды заманагөй кәсип-өнерге оқытыў бойынша арнаўлы бағдарламалар ислеп шығылады.

Сондай-ақ, ҳәр бир инсан ушын мәмлекет есабынан кәсип-өнер үйрениў имканияты жаратылады, бул мақсетте ажыратылатуғын қаржылар 2 есеге арттырылады.

Барлық дәрежедеги мәмлекетлик мәкемелерге имканияты шекленген пуқараларды олар ушын сәйкес келетуғын жумысқа қабыл етиўде үстинлик ҳәм жеңиллик бериледи.

Буннан тысқары, исбилерменлердиң майыплығы болған шахсларды жумысқа қабыл етиў бойынша басламалары қоллап-қуўатланып, оларды хошаметлеў илажлары көриледи. Атап айтқанда, бундай исбилерменлер ҳәм жумысқа қабыл етилген пуқараларға қосымша салық жеңилликлери бериледи ҳәм мәмлекет тәрепинен субсидиялар ажыратылады.

Үшинчиден, майыплығы болған шахслардың саламатлығын сақлаў, оларға медициналық хызметлер көрсетиў жумыслары системалы рәўиште даўам еттириледи.

Майыплығы болған балаларды саламатландырыў ушын Республика балалар медициналық реабилитация орайы ҳәм оның аймақлық филиаллары шөлкемлестириледи.

Сондай-ақ, ҳәр жылы 2 мың балада туўма жүрек нуқсаны ҳәм бас мийдеги патологиялық өзгерислер бойынша хирургиялық әмелиятын өткериў белгиленбекте.

Төртиншиден, имканияты шекленген пуқаралар мәмлекетимиздиң социал, экономикалық ҳәм сиясий турмысында белсене қатнасыўы ушын «тосқынлықсыз орталық», яғный, қолай шараят жаратылады.

Атап айтқанда, жаңадан қурылатуғын мәмлекетлик мәкемелердиң имаратлары, социаллық объектлер, бағ ҳәм парклер, жәмийетлик транспортта арнаўлы инфраструктура жаратыў, мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасын майыплығы болған шахсларға бейимлестириў бойынша шаралар көриледи, олар ушын арнаўлы мәлимлеме порталлары, телекөрсетиўлер, әдебиятлар ҳәм китапханалар саны көбейттириледи.

Мәмлекетимиздиң барлық аймақларында жаратылып атырған «Жаңа Өзбекстан» массивлеринде майыплығы болған шахсларға турақ жай шараятларын жақсылаў ушын субсидия ҳәм жеңилликли кредитлер бериледи.

Ең әҳмийетлиси, барлық дәрежедеги басшылар ҳәм мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлери тәрепинен майыплығы болған шахслардың машқалаларын үйрениў ҳәм шешиў бойынша турақлы пикирлесиў системасы жолға қойылады.

Бир пикирди айрықша атап айтпақшыман: жәмийетимиздиң ең мүтәж қатламларынан бири болған майыплар менен байланыслы жумысымызды сын көз бенен қайта көрип шығар екенбиз, бул инсанлар да мәмлекетимиз пуқаралары, бизиң ўатанласларымыз екенин, солай екен, ҳеш қашан өзлерин жалғыз сезинбеўи, социаллық ҳәм экономикалық турмысымызға белсене қатнасыўы ушын буннан былай да барлық күш ҳәм имканиятларымызды мобилизациялаймыз. Бир сөз бенен айтқанда, Өзбекстанда ҳеш ким меҳир ҳәм итибардан шетте қалмайды.

Исеним кәмил, 3-декабрь ­ Халықаралық майыплар күни мәмлекетимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында беккем орын ийелеп, жәмийетимизде жақсылық, меҳир-мүриўбет, гуманизм идеяларын және де терең әмелге асырыўға хызмет ететуғын әҳмийетли сәнелерден бири болып қалады.

Биз бул бағдарда сиз, әзизлерге ­ көпти көрген ата ҳәм аналарымызға, ҳүрметли ҳаял-қызларымызға, турмысқа батыл кирип киятырған нәўқыран жасларымызға, бәрҳа қайырлы ҳәм саўап ислер етип жасаўға умтылатуғын пүткил халқымызға таянамыз.

Миллети, тили ҳәм динине қарамастан, инсан қәдир-қымбаты ҳәм абырайын улығлаў, ҳәр бир пуқара ҳаққында итибар ҳәм ғамқорлық, меҳир-мүриўбет, сақаўат ҳәм адамгершилик биз қурып атырған Жаңа Өзбекстан жәмийетиниң турмыс қағыйдасы болып қалады.

Бәршеңизди мине усындай қайырлы ислерде белсене қатнасыўға шақыраман.

Терең ҳүрмет-иззет пенен,

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти