Үлкемизге қыс мәўсиминиң кирип келиўинеде санаўлы күнлер қалды. Гүз-қыс мәўсиминиң басланыўы менен мәмлекетимиздиң түри аймақларында ыс газинен зәҳәрлениў менен байланыслы жағдайлар ушырасады. Бундай кеўилсиз жағдайлардың көпшилиги көмир, тәбийий газ ҳәм басқа да жаныўшы затлардың толық жанбаўы себебинен жүзеге келмекте. Бунда ҳаўа қурамында 0,1 процент ыс газиниң болыўы өлим менен байланыслы жағдайға алып келеўи мүмкин. Ыс гази организмге түскенде ол қан қурамындағы гемоглабин ҳәм кислород тасыўышы эритоцитлерде өз ара байланыстырып, кислородтың дене бойлап ҳәрекетлениўин тоқтатып таслайды. Нәтийжеде инсан өзин жоғалтады.

Ыс гази реңсиз, ийиссиз зәҳәрли бирикпе болып, тәбийий газ, көмир ҳәм отын шоқлары толық жанбаўы ақыбетинде пайда болады. Түтин қурамында болса 50-60 процентке шекем ыс гази болады.

Талқылаўларға қарағанда ыс газинен зәҳәрлениў жағдайларының көпшилиги төмендеги себеплерге бола жүзеге келеди екен.

Пуқаралар тәрепинен газ, көмир ҳәм басқа да жаныўшы затлардан  пайдаланғанда қәўипсизлиқ қағыйдаларына әмел етпеўи, стандартқа жуўап бермейтуғын (қол бала усылындағы) ямаса арнаўлы сертификатқа ийе болмаған ысытыў печлеринен пайдаланыў, ысытыў печлери морыларының дурыс орнатылмаўы, суйытылған газ баллонларды күнделикли отырыў ханаларына алып кирип пайдаланыўы, асханада орнатылған газ плиталарынан ханаларды ысытыў мақсетинде пайдаланыўы, ҳаўа айланыў системасының толық ислемеўи нәтийжесинде келип шығады.

Сонлықтан ыс газиниң пайда болыў себеплерине жол қоймаў ҳәм оннан зәҳәрлениўдиң алдын алыў ушын бир қатар зәрүр илажларды көриў усыныс етиледи.

Атап айтқанда, газ үскенесинен имарат ишин ысытыў ҳәм оның үстине кийимлерди қурытыў ҳәм плитаны қараўсыз қалдырыўға жол қоймаў талап етиледи. Буннан басқа да газ ийиси шығып турған жерди шырпы жағып тексериў мүмкин емес. Газ баллонларды ысытыўшы үскенелер жанында қалдырмаў лазым. Егерде имарат ишинде газ ийиси сезилсе, айна ҳәм қапыларды ашыў, көшеге шығыў ҳәм 104 яки 1054 қутқарыў хызметине қоңыраў етиў керек. Бундай жағдайларда свет, от жағыў, электр үскенелерин иске қосыў қадаған етиледи.

Сондай-ақ, газ ийисин сезгенде газ плиталары ҳәм ысытыў печлерин газ тармағынан өшириў, есик ҳәм айналарды ашыў, ханаларды самаллатыў, ханадаға электр үскенеелерин қоспаў яки жанып қалған болса өширмеў талап етиледи. Себеби, бул өрт яки газ-ҳаўа араласпасының шағылысыўына алып келиўи мүмкин. Газ ийисин сезсеңиз оны анықлаў ушын шырпы жағып емес, сабын көбигинен пайдаланың. Соның менен бирге, жас өспирим балаларды газ үскенелеринен пайдаланыўшы орынларда қадағалаўсыз қалдырыў мүмкин емес.

Әлбетте,  усы атап өтилген қағыйдаларға әмел етсек ыс гази ҳәм өртлердиң келип шығыўының алдын алған боламыз.

Арыўхан Сейтова,

Мойнақ районы Суд медицина эксперти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги